‏ Psalms 50

1
2Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыт Бат-Шеба менен жатқаннан кейин, Натан пайғамбар оның алдына келгенде , Даўыттың айтқан жыры
3Қудай, реҳим ет маған,
Сүйиспеншилигиң менен.
Жынаятларымды алып тасла,
Шексиз мийрим-шәпәәтиң менен.
4Жуўып тасла айыпларымды,
Пәкле мени гүналарымнан.
5Билемен қылмысларымды,
Гүнам ҳәр қашан турар көз алдымда.
6Саған қарсы, жалғыз Саған қарсы гүна иследим,
Сениң нәзериңде жаўыз болған иске қол урдым.
Соның ушын, айыпласаң Сен ҳақсаң,
Ҳүким шығарғаныңда, Сен әдилсең.
7Мине, гүнакар болып туўылғанман,
Анамның қарнында-ақ гүнакар едим.

8Сен адамның кеўлинде шынлық болыўын қәлейсең,
Жан дүньяма даналық үйрет.
9Мени майоран шөби
Майоран шөби – бул назбайгүл шөбине туқымлас өсимлик.
менен пәкле, таза болайын,
Жуўа гөр мени, қардан да аппақ болайын.
10Шадлық ҳәм қуўаныш даўысын еситтир маған,
Йошсын Сен сындырған сүйеклерим.
11Жүзиңди бур гүналарымнан,
Алып тасла айыпларымды.
12Қудай, менде таза жүрек жарат,
Ишимдеги турақлы руўхты жаңала.
13Мени дәргайыңнан шығарып таслама,
Мухаддес Руўхыңды меннен алма.
14Қайтара гөр маған қутқарылыў шадлығыңды,
Бойсыныў қәлеўин оята гөр менде.
15Жынаятшыларға Сениң жолыңды үйретемен,
Гүнакарлар қайтып келер Саған.

16Кешир мени қан төккеним ушын,
Қудай, Қутқарыўшы Қудай,
Сениң әдиллигиң ушын шадланып бақырады тилим.
17Ийе, аша гөр ләблеримди,
Аўзым Саған алғыслар айтсын.

18Сен қәлемейсең қурбанлықларды,
Болмаса, Саған усынар едим,
Жандырылатуғын қурбанлықтан да кеўлиң толмайды.
19Саған мақул болатуғын қурбанлық – езилген руўхдур,
Езилген ҳәм тәўбе қылған жүреклерден,
Сен жүз бурмассаң, Қудай.

20Реҳим етип, Сионға жақсылық қыл,
Ерусалим дийўалларын қайтадан тикле.
21Сонда туўры усынылған қурбанлықлар,
Толығы менен жандырылатуғын қурбанлықлар Саған мақул болар.
Қурбанлық орныңда буғалар усынылар.
Copyright information for KaaIBT22C