‏ Psalms 51

1
2Атқарыўшылардың жетекшисине. Эдомлы Доег Шаулдың алдына барып: «Даўыт Ахимелехтиң үйине кирди», – деп хабар берген ўақытта , Даўыттың айтқан нәсият жыры
3Не ушын мақтанасаң жаўызлығың менен, ҳәй, күшли адам?
Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳәмме ўақытта мениң менен бирге.
4Тилиң менен апат келтирерсең,
Өткир пәкиге уқсар тилиң,
Алдаўға сен шеберсең.
5Сен жақсылықтан гөре, жаўызлықты,
Ҳақыйқаттан гөре, өтирикти жақсы көресең. Селаҳ
6Зыян тийгизетуғын сөзлерди жақсы көресең,
Өтирикши тилди сүйесең.

7Бирақ Қудай сени мәңги ўайран қылады,
Сени услап, шатырыңнан тартып шығарады,
Тирилер әлеминен тамырың менен қуртады. Селаҳ
8Ҳақ адамлар буны көрип, қорқады,
Үстиңнен күлип, былай дейди:
9«Қараңлар, бул адам Қудайға қорғаным деп сүйенбеди,
Мол байлығына үмит байлады,
Басқаларға қырғын келтирип, күшейди».

10Ал мен Қудайдың Үйинде жасыл зәйтүн ағашындайман,
Қудайдың сүйиспеншилигине мәңги-бақый исенемен.
11Ислериң ушын Саған мәңги алғыс айтаман,
Садық қулларыңның жәмийетинде,
Ийгиликли атыңа үмит байлап, күтемен.
Copyright information for KaaIBT22C