Psalms 52
(Заб 13)
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Муңлы айтылатуғын Даўыттың нәсият жыры2Ақмақлар өз кеўлинде: «Қудай жоқ», – дер.
Олар бузылды, жеркенишли қылмыс қылар.
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
3Бар ма екен деп, ақыллы ҳәм Қудайды излейтуғын,
Қудай көктен қарар адамзатқа.
4Ҳәммеси жолдан азғырылған, бирдей бузылған,
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ,
Бирде биреўи жоқ!
5Жаўызлық қылыўшылар,
Нан жеген киби халқымды жалмайтуғынлар,
Қудайды шақырмайтуғынлар ҳеш нәрсеге түсинбей ме?
6Олар қорқыныш жоқ жерде қорқынышқа түседи,
Қудай саған қарсы ләшкер тартып келгенлердиң,
Сүйеклерин шашып таслайды,
Қудай олардан жүз бурғаны ушын, сен оларды шерменде қыласаң.
7Келсе еди, Израилдың қутқарылыўы Сионнан!
Қудай Өз халқын абаданшылыққа және еристирсе,
Яқыптың урпақлары шадланып, Израил қуўанар еди.
Copyright information for
KaaIBT22C