‏ Psalms 53

1
2Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылады. Зифлилер Шаулдың алдына барып: «Даўыт бизлердиң арамызда жасырынып жүрипти», – дегенде , Даўыттың айтқан нәсият жыры
3Қудай, мени атың менен қутқар,
Күш-қүдиретиң менен ҳуқықымды қорға!
4Қудай, дуўамды есите гөр,
Қулақ сал аўзымнан шыққан сөзлерге.
5Өзге журтлылар маған қарсы бас көтерди,
Залымлар алмақшы мениң жанымды,
Олар Сени писент етпейди. Селаҳ

6Мине, Қудай мениң жәрдемшимдур,
Жанымды қоллап қуўатлайтуғын Ийемдур.
7Ол душпанларымның жаўызлығын өзлерине қайтарар,
Қудайым, садықлығың ҳақы оларды қырып тасла!

8Саған өз ықтыярым менен қурбанлық усынаман,
Атыңды тәрийиплеймен, Жаратқан Ийе, өйткени ол ийгидур.
9Қутқардың мени ҳәр түрли апатлардан,
Көзлерим көрди душпанларымның жеңилисин.
Copyright information for KaaIBT22C