Psalms 54
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылатуғын Даўыттың нәсият жыры2Қудай, қулақ сал дуўама,
Жалбарыныўыма итибарсыз болма.
3Қулақ салып, тыңла мени,
Тынышсызланып, азап шегемен,
4Душпанларымның даўысынан, жаўыздың зулымынан.
Олар басыма қайғы-ғам алып келеди,
Ғәзепленип, маған душпанлық қылады.
5Жүрегим сызлайды ишимде,
Өлим қорқынышы туўды басыма.
6Сескениў ҳәм титиреў басты мени,
Қәўетер қаплады денемди.
7Сонда мен: «Қәнекей, кептердей қанатларым болса,
Ушып кетип, тынышланар едим.
8Шынында да, алысларға кетип,
Елсиз жерде мәканлар едим. Селаҳ
9Күшли самал ҳәм боранлардан қашып,
Өзиме пана табыўға асығар едим», – дедим.
10Ийем, оларды алжастыр,
Олардың жобаларын бузып жибер.
Қалада зорлық ҳәм жәнжелди көрип турыппан.
11Олар күни-түни қала дийўалларының үстинде ызғыйды,
Жаўызлық ҳәм апат қала ишинде жүз берип атыр.
12Оның ортасында ўайраншылық бар,
Жалған ҳәм ҳийлекерлик арымас майданынан.
13Егер жаўым мени кейисе,
Буны көтере алар едим,
Душпаным меннен өзин жоқары қойса,
Оннан жасырынған болар едим.
14Бирақ сен, маған теңлес болған адам,
Достым ҳәм жақыным.
15Бизлер сырлас дос едик,
Қудайдың Үйине бирге барар едик.
16Өлимге дуўшар болсын душпанларым,
Тирилей өлилер мәканына түссин,
Себеби үйлери ҳәм жүреклери жаўызлыққа толыдур.
17Ал мен Қудайды шақыраман,
Жаратқан Ийе қутқарар мени.
18Түнде, таңда ҳәм күндиз,
Жалбарынып, дад саламан,
Ол еситеди даўысымды.
19Маған қарсы шыққанлар көп болса да,
Аманлық ишинде қутқарар жанымды.
20Әзелден тахтта отырған Қудай, Селаҳ
Мени еситип, оларды бойсындырады.
Оларда өзгерис жоқ,
Қудайдан қорқпайды.
21Жолдасым достына қарсы қол көтерди,
Дүзген келисимимизди бузды.
22Оның аўзынан пал тамады,
Бирақ жүрегинде душпанлық.
Сөзлери майдан да жағымлы,
Бирақ булар жалаңашланған қылышдур.
23Жүгиңди Жаратқан Ийеге тапсыр,
Ол саған сүйениш болады.
Ҳасла жол қоймас,
Ҳақ адамның қулаўына.
24Сен, Қудай, өлим шуқырына ылақтырасаң жаўызларды,
Өмириниң жартысын да көрмес қанхор ҳәм қыянетшилер.
Ал мен Саған үмит байлайман.
Copyright information for
KaaIBT22C