‏ Psalms 55

1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Узақтағы үнсиз кептер» намасына. Филист халқы Даўытты Гат қаласында тутып алғанда , оның айтқан жыры
2Қудай, маған реҳим ет,
Адамлар мени қуўдалап атыр,
Күни бойы ҳүжим қылып, қысқыға алып атыр.
3Душпанларым күни бойы изиме түсип, мени излеп атыр,
Маған қарсы шыққанлар көпдур, уллы Қудай!
4Қорққанымда, Саған үмит байлайман.
5Қудай, сөзиңди мақтайман,
Қудайға үмит байлайман, қорқпайман.
Адамзат маған не қыла алады?

6Күни бойы жаўларым сөзлеримди бурмалайды,
Олардың ой-пикирлери маған жаўызлық ислеў.
7Олар тил бириктирип, буққыда жатады,
Жанымды алыў ушын, ҳәр бир адымымды аңлыйды.
8Жынаятларының жазасынан қутылып қала ма олар?
Қудай, ғәзебиң менен оларды жерге ур!

9Сергиздан күнлерим Сениң алдыңда есаплы,
Көз жасларымды ыдысыңа салып қой.
Булар китабыңда жазылған емес пе?
10Сени шақырған ўақтымда,
Душпанларым артқа шегинеди.
Мынаны билемен: Қудай мен тәрепте.

11Сөзин өзим мақтап атырған Қудайға,
Сөзин өзим мақтап атырған Жаратқан Ийеге,
12Қудайға үмит байлайман, қорқпайман,
Адамзат маған не қыла алады?

13Қудай, Саған берген ўәделеримди орынлайман,
Миннетдаршылық қурбанлықларын Саған арнайман.
14Жанымды өлимнен қутқарып қалдың,
Аяқларымды сүрнигиўден сақладың,
Соның ушын, Қудай, Сениң алдыңда,
Өмир нурында жүремен.
Copyright information for KaaIBT22C