‏ Psalms 56

(Заб 107:2-6)

1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Даўыттың Шаулдан қашып, үңгирге киргенде айтқан жыры
2Реҳим ет маған, Қудай, реҳим ет маған,
Жаным Сенде паналайды.
Апат өтип кеткенше,
Паналайман қанатларыңның саясында.

3Жалбарынаман Қудай Таалаға,
Мен ушын ийгилик қылатуғын Қудайға.
4Көктен маған қутқарылыў жибереди,
Мени қуўдалағанларға кейис сөз айтады, Селаҳ
Қудай Өз сүйиспеншилигин ҳәм садықлығын жибереди.

5Жаным арысланлар арасында қалды,
Адам денесин жейтуғынлардың арасында жатырман,
Тислери найза ҳәм садақ оғы,
Тиллери өткир қылыш.

6Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай,
Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!

7Душпанларым аяқларым астына аў таслады,
Руўхым түсип кетти.
Жолыма шуқыр қазды,
Ишине олардың өзлери түсти. Селаҳ

8Жүрегим Саған садық, Қудай, жүрегим садық,
Сени жырлап, саз шертемен.
9Оян, ҳәй жаным,
Оян, ҳәй арфа ҳәм лира,
Ерте таңды мен оятайын!
10Халықлар арасында Сени алғыслайман, Ийе,
Миллетлер арасында саз шертип, Саған алғыс айтаман.
11Сүйиспеншилигиң көклерге жетер,
Садықлығың бултларға уласар.
12Көктен де жоқары уллылана бер, Қудай,
Даңқың пүткил жер жүзине жайылсын!
Copyright information for KaaIBT22C