Psalms 57
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Даўыттың жыры2Ҳәй, ҳүкимдарлар, шынында да, сизлер әдил қарар шығарасыз ба?
Адам улларын әдалатлық пенен ҳүким қыласыз ба?
3Яқ, сизлер жүрегиңизде наҳақлық дүзесиз,
Зорлық шашар қолларыңыз жер жүзинде.
4Жаўызлар еле туўылмасынан алдын жолдан адасар,
Анасының қарнында-ақ адасып, жалған сөйлер.
5Олардың зәҳәри жыланның зәҳәриндей,
Кобрадай қулақларын бекитеди.
6Жылан ойнатыўшылардың даўысын,
Күшли порханның зикирин еситпейди.
7Қудай, олардың аўзындағы тислерин сындыр,
Арысланлардың жақларын сындыр, Жаратқан Ийе!
8Ағып кететуғын суўдай жоқ болсын,
Садақларын кергенде, оқлары сынып кетсин.
9Ерип кеткен суў өгизиндей жоқ болсын,
Ана қарнынан түскен түсиктей, олар қуяшты көрмесин.
10Жанып турған тикен қазанды қыздырмай турып,
Оларды соншелли тез жоқ қыл.
11Жаўыздан өш алынғанын көрип, ҳақ адам қуўанар,
Аяқларын жаўызлардың қанына жуўар.
12Сонда адамлар: «Шынында, ҳақ адамға сыйлық бар,
Жер жүзинде ҳүким шығарыўшы Қудай бар», – дейди.
Copyright information for
KaaIBT22C