Psalms 58
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Шаул Даўытты өлтириў ушын, үйин аңлыўға адам жибергенде ▼, Даўыттың айтқан жыры2Қудайым, мени душпанларымнан қутқар!
Маған қарсы шыққанлардан аман сақла.
3Жынаятшылардан мени сақла,
Қанхорлардан қутқар.
4Қара, олар жанымды алыў ушын, аңлып жатыр,
Жазығым ҳәм гүнам болмаса да, Жаратқан Ийе,
Күшлилер маған қарсы бирлеспекте.
5Айыбым болмаса да,
Маған қарсы ҳүжим етиўге асығып атыр.
Маған жәрдем бериў ушын тур, аўҳалыма қара!
6Сен, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе,
Израил халқының Қудайы,
Тур, барлық халықларды жазала,
Ҳеш бир жаўыз жынаятшыны аяма. Селаҳ
7Олар кеште қайтып келеди,
Ийтлердей ырылдасып, қаланың ишинде ызғып жүреди.
8Қара, олардың тиллеринен сөгис төгиледи,
Аўызларынан қылыш шығады.
Олар: «Ким бизлерди еситер еди?» – деп ойлайды.
9Бирақ Сен олардың үстинен күлесең, Жаратқан Ийе,
Барлық халықларды масқара қыласаң.
10Күш-қуўатым Сенсең, Саған интизарман,
Сен мениң қорғанымсаң, Қудай!
11Қудайым сүйиспеншилиги менен қарсы алар мени,
Мени аңлыған жаўларымның қулаўын көрсетер маған.
12Оларды өлтирме, болмаса халқым умытып кетеди,
Қүдиретиң менен оларды гезенде қылып, тарқат,
Кейин оларды жерге ур, Ийе, қалқанымыз.
13Олардың аўзынан шыққан гүналары ушын,
Тиллери менен сөйлеген сөзлери ушын,
Айтқан нәлет ҳәм жалған сөзлери ушын,
Өзлериниң менменлигиниң дузағына түссин.
14Ғәзебиң менен жоқ қыл оларды,
Биреўин де қалдырмай қырып тасла.
Сонда Қудайдың Яқып урпақларының үстинен ҳүкимдар екенин,
Жер жүзиниң шетине дейин биледи. Селаҳ
15Олар кеште қайтып келеди,
Ийтлердей ырылдасып, қаланың ишинде ызғып жүреди.
16Аўқат табыў ушын гезеди,
Түнди аш қарны менен өткереди.
17Ал мен Сениң күш-қүдиретиңди жырлайман,
Таң азаннан сүйиспеншилигиң ушын шадланып бақыраман.
Өйткени Сен маған қорған,
Апатта қалғанымда, пана болдың.
18Күш-қуўатым мениң, саз шертип, Сени алғыслайман,
Сен мениң қорғанымсаң,
Маған сүйиспеншилик көрсеткен Қудайымсаң.
Copyright information for
KaaIBT22C