‏ Psalms 59

(Заб 107:7-14)

1
2Атқарыўшылардың жетекшисине. «Келисим лала гүли» намасына айтылады. Тәлим ушын арналған. Даўыт Арам-Наҳарайым ҳәм Арам-Соба халқы менен урысқаннан соң, Иоаб қайтып келип, он еки мың эдомлыны Дуз ойпатлығында өлтиргенде
2Пат 8; 10; 1Жлн 18–19.
, Даўыттың айтқан жыры

3Қудай, бизлерден бас тарттың,
Бизлердиң қорғанымызды жарып өттиң,
Ғәзеплендиң, енди алдынғы аўҳалымызға бизлерди қайтар!
4Жерди силкип, оны жардың,
Жарықларын дүзет, ол шайқалып атыр.
5Халқыңа аўыр жағдайлар бердиң,
Тентиреклеп жүрсин, деп бизлерге шарап ишкиздиң.

6Душпан оқларынан сақланыў ушын,
Өзиңнен қорқатуғынларға байрақ көтерт. Селаҳ
7Оң қолың менен жеңис бер, бизлерди есит,
Өз сүйгенлериң қутқарылсын!

8Қудай Мухаддес мәканында былай деди:
«Йошланып, Шехемди бөлемен,
Суккот ойпатлығын өлшеп беремен.
9Гилад Меникидур, Менашше де Меники,
Эфрайым дуўлығам, Яҳуда ҳүкимдарлық ҳасам.
10Моаб жуўынатуғын ләгеним,
Эдомға аяқ кийимимди таслайман,
Филист жеринде жеңис дабылын қағаман».

11Ким мени қорғанлы қалаға алып барады?
Ким маған Эдомға дейин жол көрсетеди?
12Қудай, Сен емессең бе?
Бирақ Сен бизлерден жүз бурдың,
Әскерий ордамызға басшылық етпей қойдың.
13Душпанға қарсы гүресте жәрдем бер,
Адамзаттың жәрдеми бийҳудадур.
14Қудай, Сениң жәрдемиң менен қаҳарманлық көрсетемиз,
Душпанларымызды басқылап таслайсаң.
Copyright information for KaaIBT22C