Psalms 6
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен төменги даўыста айтылатуғын Даўыттың жыры2Жаратқан Ийе, қәҳәрленип, айыбымды әшкаралама,
Ғәзебиң менен мени жазалама.
3Реҳим ет маған, Жаратқан Ийе, дәрманым қалмады,
Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, пүткил денем қалтырайды.
4Жаным азап ишинде қалды,
Жаратқан Ийе, қашанға дейин бул даўам етеди?
5Жаратқан Ийе, маған қайырылып, қутқар жанымды,
Азат қыл сүйиспеншилигиң ҳақы.
6Өйткени өлилер арасында ҳеш ким сыйынбас Саған,
Өлилер мәканында ким алғыс айтар Саған?
7Аҳ урып, гүрсинип, шаршадым,
Түни бойы көз жасым көл-дәрья болады,
Зар еңиреп, төсегим ләм болады.
8Көзлеримниң нуры сөнди қайғыдан,
Әззиленди көзлерим душпанларым себепли.
9Жаўызлық ислеўшилер, меннен аўлақ жүриңлер,
Өйткени Жаратқан Ийе еситти дадымды,
10Жалбарыныўыма қулақ салды.
Ол дуўамды қабыл қылады,
11Барлық душпанларым уялып қалады,
Ҳәммесин қорқыныш бийлеп алады,
Ҳәпзаматта шерменде болып, қайтып кетеди.
Copyright information for
KaaIBT22C