‏ Psalms 60

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылатуғын Даўыттың жыры
2Қудай, есит наламды,
Тыңла мениң дуўамды!
3Жердиң арғы шетинен Саған жалбарынаман,
Жүрегимди қәўетер басты.

Шығып болмас бәлент жартасқа алып шық мени.
4Сен мениң панам болып киятырсаң,
Душпанға қарсы беккем қорғансаң.

5Шатырыңда мәңги жасайын,
Қанатларың саясына паналайын. Селаҳ
6Қудай, Сен ўәделеримди еситтиң,
Маған атыңнан қорқатуғынларға берилетуғын сыйлықтан бердиң.

7Патшаның өмирин узақ қыл,
Өмир жыллары әўладтан-әўладқа даўам етсин.
8Қудайдың алдында ол мәңги тахтында отырсын,
Оны сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың менен қорға!

9Сонда саз шертип, Сениң атыңды мәңги алғыслайман,
Ҳәр күни берген ўәдемди орынлайман.
Copyright information for KaaIBT22C