Psalms 61
1Атқарыўшылардың жетекшиси Едутун ушын. Даўыттың жыры2Жаным тек ғана Қудайда тынышлық табар,
Қутқарылыў маған Оннан келер.
3Жалғыз Ол мениң қорғаўшы жартасым,
Қутқарылыўым ҳәм қорғаным,
Мен ҳасла сүрникпеймен.
4Ҳәй, душпанлар, қыйсық дийўалға уқсаған,
Қулайын деп турған қорадай болған маған,
Қашанға дейин ҳүжим қыласыз?
5Сизлердиң жобаңыз жоқарғы дәрежемнен төмен түсириў,
Жалған сөзлерден ләззет аласыз,
Аўзыңыз бенен пәтия берип,
Ишиңизден нәлет айтасыз. Селаҳ
6Ҳәй жаным, жалғыз Қудайдан тынышлық тап,
Мениң үмитим Оның Өзи.
7Жалғыз Қудай мениң қорғаўшы жартасым, қутқарыўшым,
Қорғаным Олдур, соның ушын, сүрникпеспен.
8Қутқарылыўым ҳәм абырайым Қудайдан келер,
Қүдиретли жартасым, панам Олдур.
9Ҳәй халық, ҳәмме ўақытта Оннан үмит қылың,
Жүрегиңизди Оған ашың,
Бизлердиң панамыз Қудайдур. Селаҳ
10Адамзат ҳеш нәрсе емес,
Аўа, адам баласы өткинши.
Егер тәрезиге тартылса,
Олар ҳаўадан да жеңил.
11Тонаўшылыққа исенип қалма,
Урланған малға үмит байлама,
Егер байлығың көбейип қалса, оған кеўил қойма.
12Қудай бир мәрте сөйледи,
Буны еки мәрте еситтим:
Күш-қүдирет Қудайда.
13Сүйиспеншилик те Сенде, Ийе!
Ҳәр бир адамға қылған исине жараса қайтарасаң.
Copyright information for
KaaIBT22C