‏ Psalms 62

1Даўыттың Яҳуда шөлинде айтқан жыры
2Қудай, Сен мениң Қудайымсаң,
Сени барлығым менен излеймен,
Жаным Сени аңсайды,
Кеўип, қуўрап ҳәм суўсыз қалған жерде,
Денем Саған интизар.
3Мухаддес Ибадатханаңда нәзер тасладым Саған,
Күш-қүдиретиңди ҳәм даңқыңды көрдим.
4Сениң сүйиспеншилигиң өмирден абзалдур,
Соның ушын, тилим Сени алғыслар.
5Өмирим бойы Саған алғыс айтаман,
Сениң атың менен қолларымды жоқары созаман.
6Майлы жилик жегендей жаным тояды,
Шадлы даўыс пенен аўзым Саған алғыс-мақтаў айтады.

7Төсегимде жатқанымда, Сени еслеймен,
Түни бойы Сени ойлап шығаман.
8Сен маған жәрдемши болдың,
Қанатларыңның саясында шадланып бақыраман.
9Кеўлим Саған беккем байланған,
Оң қолың мени қоллап қуўатлайды.

10Ал жанымды алыўды қәлеп атырғанлар,
Жердиң түбине түсип, жоқ болады.
11Олар қылыштың соққысына дуўшар болып,
Сағалларға жем болады.
12Патша болса, Қудайдан шадлық табады,
Қудай ҳақы ант еткенлер қуўанышын жәриялайды,
Өтирикшилердиң аўзы жабылады.
Copyright information for KaaIBT22C