‏ Psalms 63

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2Қудай, қулақ сал арзыма,
Жанымды душпан қорқынышынан қорға.
3Напәклердиң жаўыз жобасынан,
Жаўызлардың топарынан сақла мени.
4Олар тиллерин қылыштай етип қайрап,
Зәҳәрли сөзлери оқ сыяқлы нышанды гөзлеген.
5Олар айыпсызға оқ атыў ушын буққыда жатады,
Оған күтилмегенде қорқпастан атады.
6Бир-бириниң жаўыз нийетлерин қоллап қуўатлайды,
Жасырын дузақ қурыў ушын тил бириктиреди,
«Буны ким көрер еди?» – деседи.
7Олар әдилсизликти излеп,
«Әжайып бир жоба дүздик», – деп айтады.
Адамзаттың ишки дүньясы ҳәм жүреги терең сырдур.

8Бирақ Қудай оларға оқ атады,
Тосаттан олар жарақатланады.
9Өз тиллери менен өз басына жетеди,
Аўҳалын көргенлердиң жүреги суўлайды.
10Барлық адамларды қорқыў бийлейди,
Олар Қудайдың ислерин жәриялайды,
Оның ислери ҳаққында ойланады.
11Ҳақ адам Жаратқан Ийеде қуўанады,
Оннан пана табады,
Барлық пәк жүреклилер қуўанышын жәриялайды.
Copyright information for KaaIBT22C