‏ Psalms 64

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры. Қосық
2Қудай, Сионда алғыс-мақтаў Саған тийисли,
Саған берилген антлар орынланады.
3Сен дуўаларымызды еситесең,
Барлық адамзат Саған келеди.
4Гүна аўырманлығынан қыйналып жүргенде,
Сен қылмысларымызды кеширесең.
5Қандай бахытлы ҳәўлилериңде жасаўы ушын,
Сен таңлаған, Өзиңе жақынлатқан адам!
Үйиңниң, мухаддес Ибадатханаңның,
Жақсы жемислерине тоямыз.

6Қутқарыўшымыз Қудай, ҳақлығың менен,
Таң қаларлық ислериң менен бизлерге жуўап бер.
Сен жер жүзиниң төрт тәрепиниң,
Узақ теңизлердиң үмитисең.
7Күш-қүдирет пенен қуралланғансаң,
Өз күшиң менен таўларды жайластырғансаң.
8Теңизлердиң ҳәм олардың толқынларының шаўқымын,
Және де, халықлардың қозғалаңын тынышландырасаң.
9Дүньяның арғы шетинде жасайтуғынлар,
Кәраматлы белгилериңди көрип қорқыўға түсер.
Шығыстан батысқа дейинги халықларды,
Қуўанышлы даўысларға толтырасаң.

10Жерге ғамхорлық қылып, оның шөлин қандырасаң,
Оны молдан байытасаң.
Қудай, Сениң салмаларың суўға толы,
Адамларға ғәлле бересең,
Жерди соған таярлағансаң.
11Қарықларын қандырып, суўғарасаң,
Бийик жерлерин тегислейсең.
Жаўының менен оны жумсартасаң,
Оның өнимин берекетли қыласаң.
12Ийгилигиң менен жылға таж кийдиресең,
Жүрген жолларыңнан байлық ағып турар.
13Шөл отлақ жерге айланар,
Төбешиклер шадлыққа бөленер.
14Жайлаўлар сүриўлер менен қапланар,
Ойпатлықлар дәнге кийинер,
Олар қуўаныштан бақырысып, қосық айтар.
Copyright information for KaaIBT22C