Psalms 65
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қосық, жырҲәй, жер жүзиндеги барлық адамлар,
Бәлент даўыс пенен Қудайда шадланың!
2Оның уллы атын саз шертип, алғыслаң,
Оған салтанатлы түрде алғыс айтың!
3Қудайға айтың: «Сениң ислериң қандай қорқынышлы!
Қүдиретиңниң уллылығынан,
Душпанларың Сеннен айбынады.
4Пүткил жер жүзи Саған тәжим қылады,
Олар Саған арнап қосық айтады,
Аўа, саз шертип, Сениң атыңды алғыслайды». Селаҳ
5Келиң, Қудайдың не ислегенлерин көриң!
Қандай қорқынышлы ислер иследи адамзат ушын:
6Ол теңизди қурғақ жерге айландырды ▼,
Ата-бабаларымыз дәрьядан жүрип өтти ▼,
Қуўанайық Оның сол ислерине!
7Қүдирети менен мәңги ҳүкимдарлық етеди,
Көзлери миллетлерди бақлап турады.
Қозғалаңшылар менменликке берилмесин. Селаҳ
8Ҳәй, халықлар, Қудайымызға алғыс айтың,
Оған айтқан алғыс-мақтаўыңыз жаңласын.
9Ол өмиримизди сақлады,
Аяқларымыздың тайып кетиўине жол қоймады.
10Қудай, Сен бизлерди сынадың,
Гүмисти отта тазалағандай етип тазаладың.
11Бизлерди дузаққа жолықтырдың,
Желкемизге аўыр жүк жүкледиң.
12Саўаш арбаларын басымыздың үстинен жүргиздиң,
Оттан ҳәм суўдан кешип өттик,
Бирақ кейин абаданшылыққа алып келдиң.
13Жандырылатуғын қурбанлықлар менен Үйиңе бараман,
Берген ўәделеримди орынлайман.
14Апатта қалғанымда, аўзымнан шыққан еди,
Тилим менен берген едим ўәделерди.
15Семиртилген ҳайўанларды жандырылатуғын қурбанлыққа беремен,
Қошқарды түтетип Саған усынаман.
Мал ҳәм текелерди қурбанлық етип беремен. Селаҳ
16Келиң, тыңлаң, ҳәй, Қудайдан қорқатуғынлар,
Мен ушын Оның не ислегенин сизлерге айтып берейин.
17Аўзым менен Оны шақырдым,
Тилим менен Оны уллыладым.
18Егер жүрегимде жаўыз нийет болса,
Онда Ийе мени еситпес еди.
19Бирақ Қудай тыңлады мени,
Дуўа еткенимде, даўысыма қулақ салды.
20Алғыслар болсын Қудайға,
Ол дуўамнан бас тартпады,
Сүйиспеншилигин меннен аямады.
Copyright information for
KaaIBT22C