Psalms 66
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылады. Жыр. Қосық2Қудай, бизлерге мийримли болып, жарылқа,
Жүзиңниң нуры түссин үстимизге. Селаҳ
3Солай етип, жер жүзи Сениң жолыңды,
Барлық миллетлер Сениң қутқарыўыңды билсин.
4Халықлар Саған алғыс айтсын, Қудай,
Барлық халықлар Саған алғыс айтсын!
5Миллетлер қуўанып, шадланып бақырсын,
Сен халықларды әдалатлық пенен ҳүким қыласаң,
Жер жүзиндеги миллетлерди жетелейсең. Селаҳ
6Қудай, халықлар Саған алғыс айтсын,
Барлық халықлар Саған алғыс айтсын!
7Жер өз өнимин берди,
Қудай, Қудайымыз бизлерди жарылқасын.
8Қудай бизлерди жарылқасын,
Дүньяның төрт тәрепиндегилер Оннан қорқсын!
Copyright information for
KaaIBT22C