‏ Psalms 67

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры. Қосық
2Қудай қозғалады, тарқалып кетеди душпанлары,
Оны жек көргенлер алдынан қашады.
3Самал айдаған түтин сыяқлы,
Сен оларды айдап жибересең,
Отта ериген мум сыяқлы,
Қырылады жаўызлар Қудайдың алдында.
4Ал ҳақ адамлар болса, қуўанады,
Қудайдың алдында йошланады,
Қуўанып шадланады.

5Қудайымызды жырлаң,
Саз шертип, Оның атына алғыс айтың.
Бултлар үстинде келетуғынды уллылаң,
Оның аты – Жаратқан Ийе!
Оның алдында йошланың!
6Мухаддес мәканындағы Қудай,
Жетимлердиң әкеси, жесирлердиң ҳуқықын қорғаўшы.
7Қудай жалғыз баслыны үйли қылар,
Тутқынларды аман-есен азат етер,
Қозғалаңшылар болса, ыссы шөлде қалар.

8Қудай, Өз халқыңның алдында жүргениңде,
Шөл арқалы жүргениңде, Селаҳ
9Қудайдың, Синайдағы Қудайдың алдында,
Қудайдың, Израилдың Қудайының алдында,
Жер силкинди, көклерден жаўын жаўды.
10Мол жаўын жаўдырдың, Қудай,
Күшсизленген жериңе қайтадан күш бердиң.
11Халқың ол жерге мәкан басты,
Қудай, ийгилигиң менен мүтәжлерди тәмийинледиң.

12Ийеден хабар келеди,
Көп ҳаяллар мына хабарды жеткизеди:
13«Душпан әскерлери қашып баратыр,
Патшалары менен бирге қашып баратыр!»
Үйде қалған ҳаяллар олжаны бөлисип алады!
14Олар қанатлары гүмиске,
Пәрлери сап алтынға қапланған кептерге мегзер.
Ҳәй, еркеклер, саўаш күни не ушын жайлаўда жатырсыз?
15Қүдирети күшли Қудай патшаларды тарқатып жибергенде,
Салмон таўындағы қар боранға мегзеди.

16Ҳәй, уллы таў, Башан таўы!
Ҳәй, шоққылары көп таў, Башан таўы!
17Ҳәй, шоққылары көп таў,
Қудай мәкан қылыўға таңлаған таўына,
Қудай мәңги мәкан қылатуғын таўға,
Не ушын қызғаныш пенен қарайсаң?

18Қудайдың саўаш арбалары сан-санақсыздур,
Ийемиз мухаддеслик ишинде Синайдан келер.
19Сен жоқары шықтың, тутқынларды тутқын еттиң,
Адамлардан, ҳәтте, қозғалаңшылардан сыйлар қабылладың,
Ол жерде жасайсаң, Қудай Ийе.

20Ҳәр күни жүгимизди көтеретуғын Ийеге,
Бизлерди қутқаратуғын Қудайға алғыслар болсын. Селаҳ
21Қудайымыз – қутқарыўшы Қудайдур,
Өлимнен қутқаратуғын – Қудай Ийедур.

22Аўа, Қудай Өз душпанларының басын,
Гүна жолында жүргенлердиң шашлы геллесин езеди.
23Ийе былай дейди:
«Душпанларыңды Башаннан қайтарып алып келемен,
Теңиз түбинде болса да алып шығаман.
24Сонда аяқларыңды олардың қанына батырасаң,
Ийтлер де қан жалап, өз үлесин алады».

25Қудай, Сениң жеңис кәрўаныңның,
Қудайымның, Патшамның мухаддес Ибадатханасына,
Салтанатлы киятырғаны көринер.
26Алдында жыршылар, кейининде сазенделер,
Ортасында дәп қаққан жас қызлар.
27«Ҳәй, сизлер, Израил туқымынан болғанлар,
Жыйыныңызда Қудайға, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыңлар!»
28Алдында ең кишкенеси Бенямин урыўы,
Изинен өз топарлары менен Яҳуда басшылары келеди,
Зебулон ҳәм Нафталий басшылары оларға ереди.

29Қудай, көрсет күш-қүдиретиңди,
Және көрсет бизлер ушын қолланған күшиңди,
30Ерусалимдеги Ибадатханаңнан!
Патшалар Саған саўғалар алып келеди.
31Бақыр, қамыс арасындағы сол бир жабайы ҳайўанға,
Бузаўлар арасында күшли буғалардай
Жабайы ҳайўан… күшли буғалар – бул Мысыр болыўы мүмкин.
болғанларға.
Олар алдыңда мүләйим болып, гүмислерин Саған саўға қылсын,
Тарқатып жибер саўаштан рәҳәтленетуғын халықларды!
32Мысырдан елшилер келеди,
Хабашстан халқы асығып, қолларын Саған созады.

33 34Жер жүзиндеги патшалықлар,
Көклерде, әййемнен бар көклерде айланып жүрген Қудайды жырлаң,
Ийеге арнап саз шертип, алғыс айтың, Селаҳ
Тыңлаң, Оның айбатлы даўысы гүркирейди!
35Қудайдың қүдиретин жәрия қылың,
Оның уллылығы Израилдың үстинде,
Күш-қүдирети көклерде.
36Қудай айбатлыдур Өзиниң мухаддес Ибадатханасында,
Израилдың Қудайы күш-қуўат берер Өз халқына.
Қудайға алғыслар болсын!
Copyright information for KaaIBT22C