Psalms 68
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Лала гүл» намасына айтылады. Даўыттың жыры2Қудай, қутқар мени,
Суўлар алқымыма келди.
3Шөгип баратырман түпсиз батпаққа,
Аяғымды басатуғын қатты жер жоқ.
Терең суўларға шөгип кеттим,
Күшли ағыс мени тартып кетпекте.
4Дад салыўдан диңкем қурыды,
Тамағым кеўип қалды,
Қудайымды күтип, көз нурым сөнди.
5Себепсиз мени жек көретуғынлар,
Басымдағы шашымнан да көпдур.
Душпанларым маған қарсы жалған сөйлер,
Олар күшли, мени өлтирмекши,
Урламаған нәрсемди қайтарыўды талап қылар.
6Қудай, ақылсызлығымды Өзиң билесең,
Айыпларым Сеннен жасырын емес.
7Қудай, Әлемниң Ийеси,
Мен себепли уятқа қалмасын Саған үмит қылғанлар!
Израилдың Қудайы,
Сени излегенлер мен себепли шерменде болмасын!
8Сен ушын шыдайман сөгислерге,
Шерменделик қаплайды жүзимди.
9Аға-инилериме жат адамдай болдым,
Анамның уллары ушын келгинди сыяқлыман.
10Сениң Үйиңе болған ықласым ишимди жейди,
Сени ақыретлегенлер мени ақыретлеген болады.
11Ораза тутып, дад салсам,
Мен масқара боламан.
12Аза кийим кийсем,
Олар ушын әпсана боламан.
13Қала дәрўазасы жанында отырғанлар,
Мен туўралы өсек тоқыйды.
Мәскүнемлер мени мысқыллап, қосық айтады.
14Бирақ мен Саған дуўа етемен, Жаратқан Ийе,
Мақул ўақытта, уллы сүйиспеншилигиңниң саясында, Қудай,
Исенимли қутқарыўың менен жуўап бер маған.
15Мени қутқар, батпаққа батып кетпейин,
Мени жек көретуғынлардан азат қыл,
Терең суўлардан мени сақлап қал.
16Күшли ағыс мени тартып кетпесин,
Түпсиз суўлар мени жутпасын,
Қәбир үстимнен аўзын жаппасын.
17Жуўап бер маған, Жаратқан Ийе,
Ийгиликлидур сүйиспеншилигиң.
Уллы реҳимиң себепли маған қарай бурыл.
18Өз қулыңнан жүзиңди жасырма,
Апат ишинде қалдым, тез жуўап бер маған!
19Жақынлап маған, қутқар жанымды,
Душпанларымнан азат ет мени.
20Мени қандай масқара қылғанын,
Шерменде болып, уятқа қалғанымды билесең,
Душпанларымның ҳәммеси Сениң қарсыңда.
21Кейислер кеўлимди жарақатлады, дәртке толғанман,
Дәртлесетуғын биреўди изледим, ҳеш ким жоқ,
Жигерлендиретуғын биреўди изледим, оны да таппадым.
22Аўқатыма олар зәҳәр салды,
Шөллегенимде, маған сирке суўын берди.
23Алдындағы дастурханы өзлерине қақпан болсын,
Дослары ушын дузақ болсын!
24Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын,
Беллери мәңгиге бүгилип қалсын.
25Ашыўыңды төк олардың үстине,
Лаўлаған ғәзебиң оларды жутсын!
26Олардың мәканы қаңырап қалсын,
Шатырларында жасайтуғын ҳеш ким қалмасын!
27Олар Сен урған адамларды қуўғын қылар,
Сен жарақатлаған адамлардың жарасын өсек қылар.
28Гүналары үстине гүна қоса гөр,
Сен оларды ақлама.
29Атлары өмир китабынан өширилсин,
Ҳақ адамлар менен бирге жазылмасын!
30Мен бийшараман ҳәм азап шегип атырман,
Қудай, қутқар мени ҳәм қәўипсиз жерде сақла!
31Қудайдың атын қосық айтып мақтайман,
Шүкирлик пенен Оны уллылайман.
32Бул шақлы ҳәм туяқлы буға ямаса танадан гөре,
Жаратқан Ийеге көбирек мақул болады.
33Езилгенлер буны көрип, қуўансын,
Ҳәй, Қудайды излегенлер, жүрегиңиз жанлансын!
34Жаратқан Ийе мүтәжлерди еситеди,
Тутқын болған халқын жек көрмейди.
35Оған алғыс-мақтаў айтың, ҳәй, аспан ҳәм жер,
Теңизлер ҳәм ондағы барлық жаныўарлар.
36Қудай Сионды қутқарады,
Яҳуда қалаларын қайта тиклейди,
Халық орналасып, ол жерди ийелейди.
37Оның қулларының урпағы жерди мийрас қылады,
Оның атын сүйгенлер ол жерге мәкан басады.
Copyright information for
KaaIBT22C