‏ Psalms 69

(Заб 39:13-17)

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың ядқа салыў жыры
2Қудай, мени қутқарыўға,
Жаратқан Ийе, маған жәрдем бериўге асық!
3Жанымды алыўға умтылғанлар,
Шерменде болып, уятқа қалсын!
Маған зыян тийгизиўди қәлегенлер,
Масқара болып, кейнине қайтсын!
4«Ҳай-ҳай!» деп масқаралағанлар,
Шерменде болып, изине қайтсын.

5Сени излегенлердиң ҳәммеси,
Сенде шадлық ҳәм қуўанышқа толсын.
Сениң қутқарыўыңды сүйгенлер:
«Қудай уллыдур!» – деп бәрқулла айтып жүрсин!

6Мен бийшара ҳәм ғәриппен,
Қудай, тезирек кел маған!
Жәрдемшим ҳәм қутқарыўшым Өзиңсең,
Кешикпе, Жаратқан Ийе!
Copyright information for KaaIBT22C