‏ Psalms 7

1Бенямин урыўынан болған Куш себепли Даўыттың Жаратқан Ийеге айтқан жыры
2Сеннен пана табаман, Қудайым Жаратқан Ийе!
Изиме түскенлерден азат қылып, қутқар мени.
3Болмаса, олар мени арысландай тилкимлеп таслайды,
Майдалап бөлеклейди, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.

4Қудайым Жаратқан Ийе,
Егер айып ис қылған болсам,
Биреўге наҳақлық қылған болсам,
5Достымның жақсылығына жаманлық қайтарсам,
Маған себепсиз ҳүжим қылған душпаныма реҳим қылсам
Реҳим қылсам – реҳим қылыў, қадаған етилген жағдай нәзерде тутылған болыўы мүмкин. 1Пат 15:1-35 қараң.
,
6Онда жаўларым мени изимнен қуўып, услап алсын,
Жанымды аяқ асты қылып, тепкилесин,
Абырайымды жерге урсын. Селаҳ

7Қәҳәрленип көтерил, Жаратқан Ийе!
Қарсы шық душпанларымның ғәзебине!
Оян, ҳүким шығарған Қудайым!
8Халықларды әтирапыңа жыйна,
Жоқарыдағы тахтыңда отырып,
Олардың үстинен ҳүкимдарлық қыл.
9Жаратқан Ийе, Сен халықлардың үстинен ҳүким шығарасаң,
Жаратқан Ийе, әдиллигим ҳәм минсизлигиме гөре,
Сен мени ақла.
10Жаўызлардың жаўызлықларына шек қой,
Ҳақларды қоллап қуўатла,
Ақыл-ой ҳәм жүреклерди Сен сынайсаң,
Ҳақ Қудай!

11Қудай қалқан сыяқлы мени қорғар,
Пәк жүреклерди Ол қутқарар.
12Қудай әдалатлы қазыдур,
Жаўызға Ол ҳәр күни ғәзебин шашар.
13Егер ким де ким тәўбе қылмаса,
Қудай оған қарсы қылышын қайрар,
Садағын керип, таяр турар.
14Қыратуғын қурал-жарағын алып,
Отлы оқларын таярлап турар.

15Жаман адамнан жаманлық шығады,
Жаўызлыққа жүкли болады,
Нәтийжеде жалғанды туўады.
16Ол шуқыр қазады,
Бирақ қазған шуқырына өзи түседи.
17Оның жаманлығы өзине қайтады,
Жаўызлығы өз басына жетеди.

18Әдалатлығы ушын Жаратқан Ийени тәрийиплеймен,
Саз шертип, Қудай Тааланың атын алғыслайман.
Copyright information for KaaIBT22C