‏ Psalms 70

(Заб 30:1-4)

1Жаратқан Ийе, Сени паналайман,
Мени ҳасла шерменде қылма!
2Әдалатлығың менен қутқарып, азат қыл мени!
Маған қулағыңды түрип, қутқар мени!
3Паналайтуғын жартасым бол,
Ҳәмме ўақытта паналаўға ол жерге бара алайын.
Мени қутқарыў ушын буйрық бер,
Шынында да, Сен жартасым ҳәм қорғанымсаң.

4Қудайым, мени жаўызлардың қолынан,
Әдалатсыз ҳәм залым адамның пәнжесинен қутқар!
5Сен мениң үмитимсең, Қудай Ийе,
Жаслығымнан Саған исенемен.
6Туўылғанымнан баслап, Саған сүйендим,
Мени анамның қарнынан Сен алып шықтың,
Ҳәмме ўақытта Саған алғыс-мақтаў айтаман.

7Көплер ушын өрнек болдым,
Сен мениң беккем панамсаң.
8Аўзым толып тассын алғыс-мақтаўға,
Күни бойы салтанатыңды жәриялайман.
9Қартайған шағымда, меннен жүз бурма,
Күшим қайтқаннан кейин, мени тәрк етпе!
10Душпанларым маған қарсы тил бириктирер,
Мени өлтириўди қәлегенлер бир-бири менен кеңесер.
11Олар: «Қудай оны тәрк етти,
Қуўып, услап алыңлар,
Оны қутқаратуғын ҳеш ким жоқ!» – дейди.

12Қудай, меннен узақласпа,
Қудайым, маған жәрдем бериўге асық!
13Шерменде болып, жоқ болсын, мени айыплаўшылар,
Маған жаўызлық қылмақшы болғанлар,
Уятқа қалып, бийабырай болсын.
14Ал мен ҳәмме ўақытта Сеннен үмит қыламан,
Үсти-үстине Саған алғыс айтаман.
15Күни бойы Сениң әдил ислериңди,
Қутқарыўың туўрысында жәриялайман,
Оларды санап, ада болмаспан.
16Қудай Ийе, қүдиретиң себепли келемен,
Сениң, жалғыз Сениң әдиллигиңди баян қыламан.

17Қудай, жаслығымнан маған Сен тәлим бердиң,
Елеге дейин, Сениң әжайып ислериңди айтып жүремен.
18Шашларым ағарып, қартайғанымда да,
Тәрк етпе мени, Қудай!
Күшиңди келешек әўладқа,
Қүдиретиңди кейинги урпақларға жеткерейин.

19Қудай, көклерге жетер әдиллигиң,
Уллы ислер қылдың Сен,
Саған уқсаған ким бар, Қудай?
20Сен маған көп аўыр апатлар жибердиң,
Бирақ мени қайтадан жанландырасаң,
Мени жердиң түбинен және шығарып аласаң.
21Абырайымды жоқарылатасаң,
Маған және жубаныш бересең.

22Мен де арфа шертип, Саған алғыс айтаман,
Садықлығыңды қосық етип айтаман, Қудайым.
Лира шертип, Саған алғыс айтаман, Израилдың Мухаддеси!
23Саз шертип, Саған алғыс айтқанымда,
Аўзымнан шадлық даўысы шығып,
Өзиң қутқарған жаным қуўанады.
24Тилим күни бойы Сениң әдалатың ҳаққында жәриялайды,
Маған жаўызлық қылыўды қәлегенлер,
Уятқа қалып, шерменде болды.
Copyright information for KaaIBT22C