‏ Psalms 71

1Сулайманның жыры
Қудай, ҳүким шығарыўды патшаға,
Әдалатлығыңды патшаның улына сыйла.
2Ол Сениң халқыңды әдалатлық пенен,
Ғәриплериңди туўрылық пенен ҳүким қылсын!
3Таўлар халыққа абаданшылық,
Төбешиклер ҳақыйқатлық алып келсин.
4Патша жарлыларды қорғасын,
Кәмбағаллардың балаларын қутқарсын,
Залымларды езип тасласын.
5Қуяш ҳәм ай турғанындай,
Халқың әўладтан-әўладқа Сеннен қорқып жасасын.
6Патшамыз жаңа орылған атызға жаўған жаўындай,
Топырақты суўғаратуғын берекетли жаўындай болсын.
7Оның дәўиринде ҳақ адам гүллеп, жаснасын,
Ай жоқ болып кетпегенше, абаданшылық мол болсын.

8Ол ҳүкимдарлық етсин бир теңизден екинши теңизге дейин,
Евфрат дәрьясынан жер жүзиниң шетине дейин!
9Оның алдында шөлде жасайтуғынлар бас ийсин,
Душпанлары топырақ жаласын.
10Таршиш ҳәм атаў үлкелериниң патшалары,
Оған салық алып келсин.
Шеба ҳәм Себа патшалықлары саўғалар усынсын.
11Барлық патшалар алдында тәжим қылсын,
Пүткил халықлар оған хызмет етсин!

12Ол нала шеккен жарлыға жәрдем берер,
Сүйениши жоқ бийшараны қутқарар.
13Ғәрип ҳәм жарлыға реҳими келер,
Жарлылардың жанын қутқарар.
14Зорлық ҳәм зулымлықтан оларды азат қылар,
Олардың қаны оның нәзеринде әзиздур.

15Патшаның өмири узақ болсын!
Шебаның алтыны оған берилсин,
Тынымсыз дуўа етилсин ол ушын,
Күни бойы оны жарылқасын!
16Үлкеде дән мол болсын,
Таў басларында дән өнимлери шайқалып турсын!
Масақлары Лебанон тоғайындай мол болсын,
Қала халқы жердеги шөп яңлы көбейсин!
17Патшаның аты мәңги жасасын,
Қуяш сөнгенше, аты өшпесин,
Ол арқалы адамлар жарылқансын,
Пүткил халықлар: «Ол қандай бахытлы», – деп айтсын!

18Жаратқан Ийе Қудайға, Израилдың Қудайына алғыслар болсын.
Кәраматлар ислейтуғын жалғыз Олдур.
19Оның уллы атына мәңги алғыслар болсын,
Пүткил жер жүзи Оның даңқына толсын!
Аўмийин! Аўмийин!

20Ишай улы Даўыттың дуўалары усы жерде тамамланды.
Copyright information for KaaIBT22C