‏ Psalms 73

1Асафтың нәсият жыры
Қудай, не ушын бизлерден мәңги бас тарттың?
Не ушын Өзиң бағып атырған қойларға ғәзебиңди шашасаң?
2Есле өтмиштеги ийелик қылған жәмийетиңди,
Өз халқың қылыў ушын азат еткен қәўимиңди,
Өзиң мәкан қурған усы Сион таўын.
3Адымларыңды тикленбей турған қарабақанаға қарай бур,
Душпан Мухаддес орындағы барлық нәрсени қыйратты.

4Ибадатханаңда душпанларың қышқырысты,
Ол жерге өз байрақларын тикти.
5Олар тоғайда терек шабыў ушын,
Балтасын көтерген адамға уқсайды.
6Кейин олар ай балта ҳәм балғалары менен,
Қыйратып таслады барлық ойма ислерди.
7Мухаддес мәканыңды өртеди,
Атың орналасқан мәканыңды пүткиллей ҳарамлады.
8Олар өз кеўлинде: «Оларды пүткиллей қуртамыз», – деп,
Елдеги сыйыныў орынларын өртеп жиберди.

9Кәраматлы белгилериңди көрмеймиз,
Енди пайғамбарлар да қалмады,
Бул қашанға дейин даўам ететуғынын билетуғын,
Ҳеш ким қалмады бизлердиң арамызда.
10Қудай, қашанға дейин душпан Сени ақыретлейди?
Жаў Сениң атыңа мәңгиге тил тийгизе ала ма?
11Не ушын қолыңды, оң қолыңды артқа тартасаң?
Қойныңнан қолыңды шығарып, оларды қырып тасла!

12Қудай, әзелден мениң патшамсаң,
Жер жүзине жеңис алып келесең.
13Күшиң менен теңизди екиге бөлдиң,
Теңиз айдарҳаларының басларын суў ишинде ездиң.
14Лиўятанның
Лиўятан – теңизде жасайтуғын үлкен мақлуқ.
басларын ездиң,
Шөлде жасайтуғынларға оны азық қылып бердиң.
15Суўдың көзлерин ҳәм булақларды ашып ағызған Сенсең,
Ағып турған дәрьяларды қурғатып таслаған Сенсең.
16Күндиз Сеники, түн де Сеники,
Ай ҳәм қуяшты Сен орнаттың.
17Сен жер жүзиниң барлық шегараларын орнаттың,
Жазды да, қысты да Өзиң жараттың.

18Есиңде тут, Жаратқан Ийе, душпан ақыретлеп атыр,
Ақмақ халықлар атыңа тил тийгизип атыр.
19Қумырыңның жанын жыртқышларға тапсырма,
Бийшара бенделериңди мәңгиге умытпа.

20Дүзген келисимиңе нәзер сал,
Елдиң қараңғы жерлери зорлыққа толған.
21Езилген адам шерменде болып қайтпасын,
Бийшара ҳәм жарлылар атыңа алғыс-мақтаў айтсын.

22Тур, Қудай, Өз исиңди қорға,
Ақмақлардың күни бойы Сени масқара қылыўын есле.
23Душпанларыңның қышқырығын,
Саған қарсы шыққанлардың тынбай көтерилген шаўқымын умытпа.
Copyright information for KaaIBT22C