Psalms 74
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Асафтың жыры. Қосық2Алғыслаймыз Сени, Қудай, алғыслаймыз,
Атың Сениң бизлерге жақын,
Адамлар әжайып ислериңди жәриялайды.
3Қудай былай дейди: «Белгиленген ўақыт келгенде,
Әдиллик пенен қазылық етемен.
4Жер жүзи ҳәм онда жасайтуғынлар шайқалады,
Бирақ беккем қылдым оның сүтинлерин. Селаҳ
5„Мақтанбаң!“– дедим мақтаншақларға,
Наҳақларға: „Көкирек көтермең!
6Көкирегиңизди жоқары көтермең!
Менменлик пенен сөйлемең!“– дедим».
7Шығыстан да, батыстан да,
Таўлы шөлден де ҳүким шықпас.
8Бирақ қазылық етиўши Қудай,
Бирин төменлетип, екиншисин жоқарылатар.
9Жаратқан Ийе қолында бир кесе услап тур,
Ол дәмли араласпалы көпирген шарапқа толы.
Оннан жер жүзиндеги барлық наҳақларға қуяды,
Олар түбине дейин оны ишеди.
10Ал мен Оның ислерин мәңги жәриялайман,
Саз шертип, Яқыптың Қудайына алғыс айтаман.
11Ол барлық наҳақлардың көкирегин басады,
Ҳақ адамлардың күшин жоқарылатады.
Copyright information for
KaaIBT22C