‏ Psalms 76

1Атқарыўшылардың жетекшиси Едутун ушын. Асафтың жыры
2Даўыслап Қудайға жалбарынаман,
Даўыслап Қудайды шақыраман,
Ол мени еситеди.
3Қыйын күнимде Ийени изледим,
Түни менен қолларымды түсирмей жайдым,
Кеўлим бас тартты жубаныштан.
4Қудайды еслесем, аҳ ураман,
Ой жуўыртсам, руўхым ҳәлсирейди. Селаҳ

5Көзлериме уйқы бермейсең,
Ҳәўлирип кеткенликтен, сөйлей алмайман.
6Өтмиштеги күнлер ҳаққында,
Өткен жыллар ҳаққында ойлайман.
7Түнде айтқан қосықларымды еске аламан,
Өзим менен өзим сөйлесип,
Руўхым сораўларға жуўап излер:
8Ийе бизлерден мәңги бас тартты ма?
Енди қайтып ҳеш қашан маған мийримиң түспей ме?
9Оның сүйиспеншилиги мәңги жоқ болғаны ма?
Берген сөзи әўладтан-әўладқа даўам етпей ме?
10Қудай реҳим етиўди умытқаны ма?
Мийрим-шәпәәтиниң орнын ғәзеп басқаны ма? Селаҳ
11Өзиме өзим былай дедим:
«Мине, мениң дәртим –
Қудай Тааланың Өз күшин көрсетпеўи».

12Жаратқан Ийе, Сениң ислериңди еске аламан,
Бурынғы кәраматларыңды еслеймен.
13Сениң барлық ислериңди түсиниўге тырысаман,
Уллы ислериң үстинде ой жуўыртаман.

14Қудай, жолың мухаддесдур!
Қудай, Сен сыяқлы басқа уллы қудай бар ма?
15Сен – кәраматлар ислейтуғын Қудайсаң,
Халықлар арасында Өз қүдиретиңди көрсеттиң.
16Өз күшиң менен халқыңды,
Яқып ҳәм Юсуп әўладларын азат қылдың. Селаҳ

17Суўлар Сени көрип, Қудай,
Суўлар Сени көрип, қорқып кетти.
Түпсиз теңизлер титиреди.
18Бултлардан жаўын қуйды,
Көклерден шақмақ шақты,
Сонда Сениң оқларың ушты.
19Дүбелей ишинде даўысың гүркиреди,
Жылдырымлар жер жүзин жарық қылды.
Жер титиреп, ләрзеге келди.
20Жолың теңиз арқалы,
Соқпағың уллы суўлар арқалы өтти,
Излериң болса, көринбеди.
21Муўса ҳәм Харонның қоллары менен,
Халқыңды сүриў сыяқлы алып жүрдиң.
Copyright information for KaaIBT22C