Psalms 77
1Асафтың нәсият жырыТыңлаң, ҳәй халқым, көрсетпелеримди,
Мениң сөзлериме қулақ түриң.
2Тымсаллар айтыў ушын аўзымды ашаман,
Өтмиштеги сырлы сабақларды баян етемен,
3Не еситип, билгенимизди,
Ата-бабаларымыздың бизлерге айтып бергенин.
4Балаларымыздан буларды жасырмаймыз,
Жаратқан Ийениң даңқын, Оның күшин,
Оның әжайып ислерин келешек әўладқа баян етемиз.
5Жаратқан Ийе Яқып урпағына қағыйдалар орнатып,
Израилға нызам тайынлады.
Буларды балаларына үйретсин деп,
Ата-бабаларымызға буйрық берди.
6Солай етип, келешек әўладлар билсин,
Келешекте туўылатуғын балалар да,
Буларды өз балаларына жеткерсин.
7Сөйтип, олар Қудайға үмит байласын,
Қудайдың ислерин умытпасын,
Оның буйрықларын орынласын.
8Жүреклери турақлы болмаған,
Руўхлары Қудайға садық болмаған,
Ата-бабалары сыяқлы өжет, қозғалаңшы әўлад болмасын.
9Садақ ҳәм оқлар менен қуралланған Эфрайым әўлады,
Саўаш күни кейнине бурылып қашты.
10Олар Қудайдың келисимин сақламады,
Оның нызамы бойынша жүриўден бас тартты.
11Умытты Оның ислерин,
Өзлерине көрсеткен кәраматларын.
12Мысырда, Соан даласында,
Ол кәрамат иследи ата-бабаларының көз алдында ▼,
13Теңизди екиге бөлип, оларды алып өтти,
Суўларды дийўал сыяқлы етип қойды ▼.
14Күндиз булт пенен,
Түнде оттың жақтысы менен оларды алып жүрди ▼.
15Шөлде жартасларды қақ айырып,
Теңиздей мол етип суў берди.
16Жартастан булақлар ашып,
Суўларды дәрьядай ағызды ▼.
17Бирақ олар Оның алдында гүна ислеўди,
Шөлде Қудай Таалаға қарсы бас көтериўди даўам етти:
18Жүреклеринде Қудайды сынап,
Кеўли күсеген аўқатты талап қылды.
19Олар Қудайға қарсы сөйлеп, былай деди:
«Қудай шөлде дастурхан жая ала ма?
20Мине, Ол тасты урып, суў шығарды,
Суўды дәрья қылып ағызды.
Енди халқына нан бере ала ма,
Гөш пенен де тәмийинлей ала ма?» ▼
21Жаратқан Ийе буны еситип, қатты ғәзепленди,
Яқыпқа қарсы отын лаўлатып,
Израилға қәҳәрин шашты.
22Себеби олар Қудайға исенбеди,
Оның қутқарыўынан үмит етпеди.
23Ол жоқарыдағы бултларға буйрық берип,
Аспан қақпақларын ашты.
24Халыққа жейтуғын манна жаўдырды,
Көктеги дәннен берди оларға.
25Адамлар периштелердиң нанын жеди,
Тойғанынша аўқат жиберди оларға ▼.
26Шығыс самалын естирди аспанда,
Қүдирети менен қубла самалын алып келди.
27Шаңдай қылып, оларға гөш,
Теңиз қумындай мол етип қуслар жаўдырды.
28Оларды ордасының ортасына,
Мәкан қылған жердиң дөгерегине қондырды.
29Солай етип, халық тойғанынша жеди,
Қәлегенинше оларға Қудай берди.
30Бирақ олардың күсеўи қайтпай турып,
Аўқатлары еле аўзында екен,
31Қудайдың ғәзеби оларға шашылды,
Ең күшлилерин өлтирди,
Жерге қулатты Израилдың жас жигитлерин ▼.
32Буған қарамастан, олар даўам етти гүна ислеўин,
Оның әжайып ислерине исенбеди.
33Соның ушын, Қудай олардың күнлерин бийҳудалық пенен,
Жылларын қорқыныш ишинде ақырына жеткерди.
34Қудай оларды өлтирип баслағанда,
Олар Оны излеп, қайта бет бурды,
Пүткил барлығы менен Қудайды изледи.
35Қудай – өзлериниң қорғаўшы жартасы екенин,
Қудай Таала – әмеңгери екенин еследи.
36Бирақ аўызлары менен Оған жағымпазлық қылды,
Тиллери менен Оның алдында өтирик сөйледи.
37Оның алдында жүреклери садық болмады,
Оның келисимине бийопалық қылды.
38Деген менен, Қудай реҳимли,
Гүналарды кеширеди, гүнакарларды жоқ етпейди,
Көп мәрте Өз ғәзебин басады,
Қәҳәрин толық шашпайды.
39Қудай олардың тәннен ибарат екенин,
Есип өтип, қайтып келмейтуғын самал екенин еследи.
40Шөлде Оған қарсы нешше рет бас көтерди,
Қула дүзде Оны қапа қылды.
41Қайта-қайта сынады Қудайды,
Израилдың Мухаддесин иренжитти.
42Еслемеди Оның қүдиретли қолын,
Өзлерин душпаннан қутқарған күнин.
43Мысырда көрсеткен белгилерин,
Соан даласында ислеген кәраматларын.
44Сонда Мысырдың өзеклерин қанға айландырды,
Олар суўларынан ише алмай қалды.
45Оларға шақсын деп, ийтшыбын,
Ўайран қылсын деп, қурбақалар жиберди.
46Олардың егинлерин ҳәм қол мийнетлерин,
Шегирткелерге тапсырды.
47Буршақ пенен жүзимзарларын,
Жабайы әнжир ағашларын жоқ етти.
48Олардың ири малларын буршақтың,
Сүриўлерин жылдырымның астында қалдырды.
49Олардың үстине лаўлаған ғәзебин шашты,
Оларға қәҳәр, ашыў ҳәм азап,
Апат алып келетуғын периштелерин жиберди.
50Өз қәҳәрине жол қойды,
Оларды өлимнен сақламады,
Жанларын иллетке дуўшар қылды.
51Қырып таслады Мысырдағы барлық туңғышларды,
Хамның шатырларындағы белиндеги күшиниң,
Биринши жемиси болған балаларын.
52Өз халқын қой сыяқлы жетеклеп шықты,
Шөлде сүриўдей етип баслап жүрди.
53Оларды аман-есен алып жүрди, олар қорқпады,
Душпанлары болса, теңизге ғарқ болды ▼.
54Оларды Өзиниң мухаддес жерине,
Қүдиретли оң қолы менен ерискен таўлы үлкеге алып келди.
55Алдыларынан басқа халықларды қуўып шығарды,
Жерлерин оларға мүлик етип, бөлип берди,
Израил урыўларын олардың шатырларына жайластырды.
56Бирақ олар еле де Қудайды сынады,
Қудай Таалаға қарсы бас көтерди,
Оның тәртиплерине бойсынбады.
57Ата-бабалары сыяқлы опасызлық қылып, қыянет етти,
Жарамсыз садақ яңлы исенимсиз болды.
58Табынатуғын орынлары менен Оны иренжитти,
Мүсин қудайлары менен Оның қызғанышын оятты.
59Қудай буларды еситип, ғәзеби лаўлады,
Израилдан пүткиллей жүз бурды.
60Адамлар арасындағы мәкан жерин,
Шилодағы Мухаддес мәканын тәрк етти.
61Өз қүдиретин тутқынлыққа,
Өз салтанатын душпан қолына тапсырды ▼.
62Халқын қылыш жүзине тапсырды,
Өз меншик халқына ғәзепленди.
63Жас жигитлерин от жалмады,
Жас қызларына той қосықлары айтылмады.
64Руўханийлери қылыштан өлди,
Жесирлери жоқлаў да айта алмады.
65Бирақ Ийе уйқыдан оянғандай,
Шараптың тәсиринен қышқырған батырдай қозғалды.
66Душпанларын шегиндирип, жеңилиске ушыратты,
Оларды мәңги шерменделикке дуўшар қылды.
67Кейин Ол Юсуптиң урпағынан бас тартты,
Эфрайым урыўын таңламады.
68Бирақ Яҳуда урыўын,
Өзи сүйген Сион таўын таңлады.
69Өз мухаддес Ибадатханасын аспан сыяқлы қурды,
Оны жер жүзиндей етип мәңги беккемледи.
70Өз қулы Даўытты таңлады,
Қой қорасынан оны шақырып алды.
71Өз халқы Яқыпты, меншиги Израилды бағыў ушын,
Саўлық қойлардың арасынан алып келди ▼.
72Солай етип, ол халқына әдалатлық пенен шопанлық қылды,
Шебер қоллары менен оларды жетекледи.
Copyright information for
KaaIBT22C