Psalms 78
1Асафтың жырыҚудай, басқа миллетлер Сениң елиңе бастырып келди,
Мухаддес Ибадатханаңды ҳарамлады,
Ерусалимди қарабақанаға айландырды.
2Жем қылды қулларыңның өликлерин қусларға,
Садық адамларыңның денелерин жабайы ҳайўанларға.
3Қанларын суўдай ағызды Ерусалим бойлап,
Оларды жерлейтуғын ҳеш ким болмады.
4Бизлер қоңсы халықларға масқара,
Дөгерегимиздегилерге күлки ҳәм шерменде болдық.
5Қашанға дейин, Жаратқан Ийе,
Мәңги даўам ете бере ме ғәзебиң,
От сыяқлы жанған қәҳәриң?
6Ғәзебиңди шаш Сени билмейтуғын халықларға,
Сениң атыңды шақырмайтуғын патшалықларға.
7Олар Яқып урпақларын жалмады,
Оның мәканын ўайран қылды.
8Өтмиштеги гүналарды бизлерге жүклеме,
Өз реҳимиңди бизлерге тез арада көрсет,
Бизлер жүдә ҳәлсиреп қалдық.
9Қутқарыўшымыз Қудай, даңқыңа бола, бизлерге жәрдем бер,
Азат ет, Өз атың ушын гүналарымызды кешир.
10Не ушын басқа халықлар:
«Олардың Қудайы қаяқта?» – деп айтыўы керек?
Қулларыңның қанының өшин алғаныңды,
Өз көзимиз бенен көрейик, буны басқа миллетлер де билсин.
11Тутқынлардың дады жетип барсын алдыңа,
Өлимге ҳүким етилгенлерди,
Өз қүдиретли күшиң менен қутқар.
12Сени ақыретлеген қоңсы халықларға,
Жети есе етип, өзлерине қайтар, Ийе!
13Ал бизлер Сениң халқың ҳәм Өзиң бағып атырған қойларыңбыз.
Сени мәңги тәрийиплеймиз,
Әўладтан-әўладқа Саған алғыс-мақтаў айтамыз.
Copyright information for
KaaIBT22C