‏ Psalms 79

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Асафтың жыры. «Лала гүллердиң келисими» намасына айтылады
2Израилдың шопаны, қулақ сал,
Юсупти қой сыяқлы алып жүриўши!
Нурыңды шаш, керублар арасында тахтта отырған.
3Эфрайым, Бенямин ҳәм Менашше алдында,
Өз күшиңди көрсет,
Келип, бизлерди қутқар.

4Қудай! Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар,
Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!

5Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы!
Қашанға дейин, халқыңның дуўаларына қәҳәрленесең?
6Бизлерге нан орнына көз жас бердиң,
Көз жасқа әбден тойдырдың.
7Қоңсыларымызды бизлерге қарсы ийтермеледиң,
Душпанларымыз күлер үстимизден.

8Әлемниң Қудайы! Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар,
Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!

9Мысырдан бир жүзим ағашын алып келип,
Басқа халықларды қуўып, оны отырғыздың.
10Ол ушын жер таярлап, тазаладың,
Ол тамыр жайып, елди толтырды.
11Көлеңкеси таўларды қаплады,
Шақалары нәҳән кедр ағашын қаплады.
12Шақалары созылды Жер Орта теңизине дейин,
путалары болса, Евфрат дәрьясына дейин.
13Не ушын қулаттың оның дийўалларын?
Жолдан өткенлердиң ҳәммеси жүзимин жулсын деп пе?
14Тоғайдағы доңызлар оны қопарып таслайды,
Жабайы ҳайўанлар жеп қояды.

15Әлемниң Қудайы, бизлерге жүзиңди бур,
Көклерден қарап, нәзер сал,
Ғамхорлық қыл усы жүзим ағашына.
16Оң қолың менен отырғызғаныңды,
Өзиң ушын күшейткен нәлиңди қорға!
17Душпанларымыз оны отқа жағып, қырқып атыр,
Ғәзебиң менен оларды өлтир.
18Жәрдем қолың оң тәрепиңдегилердиң үстинде,
Өзиң ушын тәрбиялаған халқыңның үстинде болсын.
19Бизлер Сеннен ҳеш қашан безбеймиз,
Бизлерди қайта тирилт, атыңды шақырамыз.
20Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы!
Бизлерди алдынғы ҳалымызға қайтар,
Бизлерге жүзиңниң нурын шаш, қутқарылайық!
Copyright information for KaaIBT22C