Psalms 8
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Гат тарлы әсбабында айтылатуғын Даўыттың жыры2Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз,
Пүткил жер жүзинде қаншелли уллы Сениң атың!
Көктен де жоқары Сениң даңқың.
3Душпанларыңның ҳәм жаўларыңның
Үнин өшириў ушын,
Нәрестелер ҳәм емизиўли балалардың аўзынан,
Өзиңе мақтаўлар айтқыздың.
4Қолларың менен дөреткен аспаныңа,
Өзиң жайластырған ай ҳәм жулдызларға қарасам,
Мынадай сораўлар пайда болар ойымда:
5«Сен адам туўралы ойлағандай, ол ким болыпты?
Сен адамзатқа ғамхорлық қылғандай, ол ким болыпты?»
6Сен оны Қудайдан сәл-ақ төменирек қылдың,
Иззет-ҳүрмет тажын оған кийгиздиң.
7Қолың менен дөреткенлериңниң үстинен оны ҳүкимдар қылдың,
Ҳәммесин аяқларының астына қойдың:
8Барлық майда ҳәм ири малларды да,
Даладағы жабайы ҳайўанларды да,
9Аспандағы қусларды, теңиздеги балықларды,
Теңизде жүзетуғын ҳәр түрли мақлуқларды.
10Жаратқан Ийе, бизлердиң Ийемиз,
Пүткил жер жүзинде қаншелли уллы Сениң атың!
Copyright information for
KaaIBT22C