‏ Psalms 80

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Гат тарлы әсбабында айтылатуғын Асафтың жыры
2Шадланып бақырың күш-қуўатымыз болған Қудайға,
Қуўанышлы түрде қышқырың Яқыптың Қудайына!
3Қосық айтың, дәп қағың,
Жағымлы даўыслы лира ҳәм арфа шертиң.
4Кәрнай шертиң жаңа айда,
Толық айда, байрам күнимизде.
5Бул Израил ушын бир қағыйдадур,
Яқыптың Қудайының қарарыдур.
6Қудай Мысырға қарсы жүрис қылғанда,
Ол буны Юсуп урпағына нызам қылып қойды.

Мен бир таныс болмаған даўысты тыңлап турман:
7«Желкеңизден жүкти алып тасладым,
Қолларыңызды аўыр себеттен азат қылдым.
8Басыңызға апат түскенде, Мени шақырдыңыз,
Сонда сизлерди қутқарып алдым,
Гүлдирмама арасынан сизлерге жуўап бердим,
Мериба суўлары жанында сизлерди сынадым . Селаҳ

9Тыңла, халқым, сизлерге ескертемен:
Израил, қәне енди, сен Маған қулақ салғаныңда!
10Араңызда басқа қудай болмасын,
Жат қудайға табынбаң.
11Сени Мысырдан алып шыққан,
Қудайың Жаратқан Ийе – Мен боламан.
Аўзыңды аш, оны толтыраман.

12Бирақ халқым, сен даўысыма қулақ салмадың,
Израил, сен Маған бойсыныўдан бас тарттың.
13Мен де жүреклериңиздиң қайсарлығынша қалдырып,
Жол қойдым өз қәлеўлериңиз бенен жүриўиңизге.
14Қәне енди халқым, сен Маған қулақ салғаныңда,
Израил, сен Мениң жолларым менен жүргениңде!
15Душпанларыңызды дәрҳал бойсындырар едим,
Жаўларыңызға қарсы қолымды көтерер едим!
16Мени жек көретуғынлар Меннен айбынар еди,
Олардың бул аўҳалы мәңги даўам етер еди.
17Халқым, сизлерди ең жақсы бийдай менен азықландырар едим,
Жартастағы пал менен тойдырар едим».
Copyright information for KaaIBT22C