‏ Psalms 81

1Асафтың жыры
Қудай иләҳийлер жыйынын басқарып,
Қудайлардың арасында ҳүкимин жәриялайды:
2«Қашанға дейин, сизлер жаўызлардың тәрепин алып,
Наҳақ қазылық етесиз? Селаҳ
3Кәмбағал ҳәм жетимлерге әдалатлық көрсетиң,
Ғәрип ҳәм жарлылардың ҳуқықын қорғаң.
4Кәмбағал ҳәм ғәриплерди қутқарың,
Жаўызлардың қолынан оларды азат қылың.
5Сизлер ҳеш нәрсени билмейсиз, түсинбейсиз,
Қараңғылықта жүресиз.
Жер жүзиниң тийкары ләрзеге келеди.
6„Сизлер қудайларсыз,
Ҳәммеңиз – Қудай Тааланың улларысыз“, – дедим.
7Бирақ сизлер инсан сыяқлы өлесиз,
Ҳәр қандай ҳүкимдар сыяқлы қулайсыз!»

8Тур, Қудай, қазылық ет жер жүзине,
Барлық халықлар Саған тийислидур.
Copyright information for KaaIBT22C