‏ Psalms 82

1Қосық. Асафтың жыры
2Қудай, үнсиз қалма,
Сөйлемей, тып-тыныш болма, Қудай!
3Мине, душпанларың шаўқым шығарып,
Сени жек көретуғынлар бас көтермекте.
4Халқыңа қарсы ҳийлели жоба дүзип,
Қәдирлегенлериңе қарсы ойласық өткермекте.
5Олар: «Келиң, оларды халықлар арасынан жоқ қылайық,
Израилдың аты қайтадан еске алынбасын», – дейди.

6Мыналардың ҳәммеси тил бириктирип,
Саған қарсы аўқам дүзген:
7Эдомлылар ҳәм Исмайыл урпағы,
Моаблылар ҳәм Ажар урпағы,
8Гебал, аммон ҳәм амалек халықлары,
Филист халқы ҳәм Тир турғынлары.
9Ассирия да оларға қосылған,
Олар Лут урпағына қосымша күш болған. Селаҳ

10Мидянға не ислеген болсаң ,
Кишон сайында Сисера ҳәм Ябинге не қылған болсаң ,
Оларға да соны исле.
11Олар Эн-Дорда жоқ қылынып,
Жер ушын төгин болып қалды.
12Олардың ақсүйеклерине Ореб ҳәм Зеебке ислегениңди исле,
Барлық көсемлерине Зебах ҳәм Салмуннаға қылғаныңды қыл.
13Олар: «Келиң, Қудайдың жайлаўларына,
Ийелик етейик», – деген еди.

14Қудайым! Оларды қуйын көтерген шаңдай,
Самал ушырған қаўықтай етип тасла,
15От тоғайды жалмағандай,
Жалын таўлардағы шөплерди күйдиргендей,
16Боранларың менен оларды қуўып,
Өз даўылларың менен қорқынышқа сал.
17Шерменделиктен қызарсын жүзлери,
Солай етип, олар Сениң атыңды излесин, Жаратқан Ийе.
18Олар мәңги уятқа қалып, қорқынышқа түссин,
Хорланып, жоқ болсын.
19Билсин олар Сениң атың Жаратқан Ийе екенин,
Жер жүзиниң жалғыз Қудай Тааласы екениңди.
Copyright information for KaaIBT22C