Psalms 83
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Гат тарлы әсбабында. Қорах әўладының жыры2Қандай әжайып Сениң мәканың,
Әлемниң Жаратқан Ийеси!
3Жаным Сениң ҳәўлилериңди аңсап, шаршады,
Жүрегим ҳәм пүткил барлығым,
Тири Қудайға шадланып бақырады.
4Әлемниң Жаратқан Ийеси, Патшам, Қудайым!
Қурбанлық орныңның қасында,
Қус та жасаў ушын өзине орын табар,
Палапанлары ушын қарлығаш уя қурар.
5Қандай бахытлы Сениң Үйиңде жасайтуғынлар,
Олар тынбастан Саған алғыс-мақтаў айтар! Селаҳ
6Қандай бахытлы Сеннен күш тапқан адам,
Шын жүректен Сионға барыўға умтылғанлар.
7Жылаў ойпатлығынан өтип,
Олар суў өзеклерин ашар,
Биринши жаўын ол жерди берекетке толтырар.
8Жол жүрип, олардың күшине күш қосылар,
Сионда Қудайдың алдында болар.
9Жаратқан Ийе, Әлемниң Қудайы, дуўамды тыңла,
Қулақ сал, Яқыптың Қудайы! Селаҳ
10Қудай, бизлердиң қалқанымызға қара,
Өзиң майлаған патшаңа нәзер сал!
11Сениң ҳәўлилериңдеги бир күн мың күннен артық.
Наҳақлардың шатырында жасаўдан гөре,
Қудайдың Үйиниң босағасында турғаным абзал.
12Қудай Ийе – қуяш ҳәм қалқандур,
Ол мийрим ҳәм даңқ берер,
Минсиз жүргенлерден жақсылықты аямас.
13Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Қандай бахытлы Саған үмит байлаған адам!
Copyright information for
KaaIBT22C