‏ Psalms 84

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2Жаратқан Ийе, Өз елиңе мийрим көрсеттиң,
Яқып урпағын абаданшылыққа және еристирдиң.
3Халқыңның айыбын кеширдиң,
Олардың барлық гүналарынан өттиң. Селаҳ
4Пүткил қәҳәриңди услап қалдың,
Лаўлаған ғәзебиңнен қайттың.

5Бизлерди қутқарған Қудай, алдынғы аўҳалымызға қайтар,
Бизлерге деген ғәзебиңди тоқтат.
6Мәңги ғәзепленесең бе бизлерге?
Ғәзебиңди әўладтан-әўладқа даўамлайсаң ба?
7Халқың Сенде қуўаныш табыўы ушын,
Бизлерди қайтадан жанландырмайсаң ба?
8Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиңди көрсет,
Бизлерге қутқарыўыңды инам ет.

9Қудайдың, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ түремен,
Ол Өз халқына, Өзиниң садық адамларына тынышлық сөзин айтады,
Енди олар ақылсыз жолларына қайтпасын.
10Оның салтанаты елимизде мәканлаўы ушын,
Сөзсиз, Оннан қорққанларға Оның қутқарыўы жақын.

11Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ушырасады,
Әдиллик пенен тынышлық сүйиседи.
12Садықлық жерден көгерип шығады,
Әдалатлық аспаннан қарайды.
13Жаратқан Ийе ийгиликти жаўдырады,
Жеримиз өз өнимин береди.
14Әдалатлық Оның алдында жүреди,
Оның қәдемлери ушын жол таярлайды.
Copyright information for KaaIBT22C