Psalms 85
1Даўыттың дуўасыЖаратқан Ийе, қулақ салып, жуўап бер маған,
Мен ғәрип ҳәм мүтәжбен.
2Жанымды қорға, Саған садықпан,
Қудайым, Саған үмит байлаған қулыңды қутқар!
3Маған мийрим-шәпәәтиңди түсир, Ийе,
Саған күни бойы жалбарынаман.
4Қулыңның қәлбин қуўанышқа толтыр,
Жүрегимди ашаман Саған, Ийе.
5Сен ийгиликли ҳәм кеширимлисең, Ийе,
Сени шақырғанлардың ҳәммесине сүйиспеншилигиң уллы.
6Қулақ сал мениң дуўама, Жаратқан Ийе,
Жалбарынған даўысыма дыққат ет!
7Қыйын күнлеримде Сени шақыраман,
Сен мени еситесең.
8Қудайлар арасында Саған теңлесетуғыны жоқ, Ийе,
Сениң ислериңдей ислер жоқ.
9Сен жаратқан барлық миллетлер,
Ийе, Сениң алдыңа келип, тәжим қылады,
Сениң атыңды даңққа бөлейди.
10Сен уллысаң, әжайып ислер ислейсең,
Сен жалғыз Қудайсаң.
11Жаратқан Ийе, жолыңды маған үйрет,
Саған садық болып жүрейин,
Сениң атыңнан қорқатуғын етип, жүрегимди беккемле.
12Қудай Ийем, шын жүрегим менен алғыслайман,
Сениң атыңды мәңги даңққа бөлеймен.
13Маған деген сүйиспеншилигиң уллы,
Жанымды өлилер мәканының туңғыйығынан аман сақлайсаң.
14Қудай, арсызлар маған қарсы көтерилди,
Қарақшылар топары жанымды алыў ушын мени излеп жүр,
Олар Сени писент етпейди.
15Сен, Ийе, реҳимли ҳәм мийримли Қудайсаң,
Сабыр-тақатлы, сүйиспеншилигиң уллы ҳәм садықсаң.
16Аўҳалыма қара, реҳим қыл маған,
Қулыңа күш-қуўат бер,
Шорыңның улын қутқар.
17Қайырқомлығыңнан бир белги көрсет маған,
Мени жек көретуғынлар көрип, уялып қалсын.
Жаратқан Ийе, жәрдем көрсетип,
Маған жубаныш берген Өзиңсең.
Copyright information for
KaaIBT22C