‏ Psalms 86

1Қорах әўладының жыры. Қосық
2Жаратқан Ийе мухаддес таўлар үстине
Сионның тийкарын қурды,
Яқыптың барлық мәкан жайларынан гөре,
Сионның дәрўазаларын сүйеди.
3Қудайдың қаласы,
Сен ҳаққында әжайып сөзлер айтылады. Селаҳ

4Қудай былай дейди:
«Мени таныйтуғынлар ишинде,
Раҳаб
Раҳаб – теңиз айдарҳасы. Бул жерде Мысырдың астарлы атамасы.
ҳәм Бабилонияны есапқа аламан.
Мине, Филистия, Тир ҳәм Хабашстан да,
Сол жерде туўылған».

5Сион ҳаққында былай деп айтылады:
«Ҳәр бири сол жерде туўылған!
Қудай Тааланың Өзи Сионды беккемлейди».
6Жаратқан Ийе халықларды дизимге алғанда,
«Бул да Сионда туўылды», – деп жазады. Селаҳ

7Жыршылар ҳәм ойынға түсиўшилер:
«Өмиримниң булағы сендедур!» – дейди.
Copyright information for KaaIBT22C