Psalms 87
1Қосық. Қорах әўладының жыры. Атқарыўшылардың жетекшиси ушын. Муңлы айтылатуғын Эзрах нәсилинен болған Ҳеманның нәсият жыры2Жаратқан Ийе, мени қутқарыўшы Қудай,
Күни-түни алдыңа келип, жалбарынаман.
3Дуўам Сениң алдыңа жетип барсын,
Қулақ сал жалбарыныўыма.
4Жаным азапқа толы,
Өмирим өлилер мәканына жақынласты.
5Қәбирге киргенлер арасында деп есапланаман,
Ҳал-дәрманы қалмаған адамға уқсайман.
6Мен өлилер арасына тасланғанман,
Сен енди еске алмайтуғын,
Жәрдем қолыңнан маҳрум болған,
Қазаланып қәбирде жатырғанларға уқсайман.
7Сен мени қәбирдиң түбине,
Қараңғылық ҳәм туңғыйыққа тасладың.
8Ғәзебиң үстимди зилдей басып,
Барлық толқынларың менен ездиң мени. Селаҳ
9Жолдасларымнан айырдың,
Мени оларға жеркенишли қылдың,
Қамалып қалдым, шыға алмайман.
10Көзлерим қайғыдан ҳәлсиреген,
Ҳәр күни Сени шақырдым, Жаратқан Ийе,
Қолларымды Саған жайдым.
11Кәраматларыңды көрсетер ме едиң өлилер ушын?
Руўхлары турып, Сени тәрийиплер ме еди? Селаҳ
12Сениң сүйиспеншилигиң қәбирде,
Садықлығың набыт болыў мәканында айтыла ма?
13Қараңғылықта Сениң әжайып ислериң ҳаққында,
Умытылыў мәканында әдалатлығың ҳаққында айтыла ма?
14Ал мен, Жаратқан Ийе, Сени жәрдемге шақыраман,
Қылған дуўам таңда жетип барар Саған.
15Не ушын меннен жүз бурдың, Жаратқан Ийе,
Неге жүзиңди меннен жасырасаң?
16Жаслығымнан қыйналаман, өлимим жақын қалған,
Қорқынышың алдында шарасыз қалдым.
17Қәҳәрли ғәзебиң үстимнен басып таслады,
Қорқынышларың мени тамам қылды.
18Күни бойы булар суў сыяқлы орап алды,
Дөгерегимди пүткиллей қоршап алды.
19Досларымнан ҳәм жақынымнан айырдың,
Тек ғана қараңғылық жолдасым болып қалды.
Copyright information for
KaaIBT22C