‏ Psalms 88

1Эзрах нәсилинен болған Этанның нәсият жыры
2Жаратқан Ийениң сүйиспеншилигин мәңги жырлайман,
Садықлығын әўладтан-әўладқа жәриялайман.
3Сүйиспеншилигиң мәңги орналасқан,
Садықлығыңды көклерде беккемледиң, деймен.
4Сен былай дедиң: «Таңлағаным менен келисим дүздим,
Қулым Даўытқа былай деп ант иштим:
5„Урпағыңды мәңги беккем қыламан,
Тахтыңды әўладтан-әўладқа даўам еттиремен“». Селаҳ

6Жаратқан Ийе, көклер алғыслар әжайып ислериңди,
Мақталар садықлығың периштелер жыйынында.
7Көклерде Жаратқан Ийеге ким теңлесе алады?
Иләҳий барлықлар ишинде Жаратқан Ийеге уқсайтуғыны бар ма?
8Периштелер кеңесинде Қудай оғада қорқынышлы,
Әтирапындағылардың ҳәммесинен айбатлы.
9Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе,
Сен сыяқлы күшли бар ма, Жаратқан Ийе?
Садықлығың әтирапыңды орап алған.

10Қутырған теңизлер үстинен Сен ҳүкимдарлық қыласаң,
Көтерилген толқынларды Сен тынышландырасаң.
11Сен Раҳабты
Раҳаб – теңиз айдарҳасы.
өликтей етип езип тасладың,
Қүдиретли қолың менен душпанларды тарқатып жибердиң.
12Көклер Сеники, жер жүзи де Сеники,
Дүньяны ҳәм оны толтырып турғанларды Сен орнаттың.
13Арқа ҳәм қубланы Өзиң жараттың,
Табор ҳәм Хермон таўлары атың себепли шадланып бақырады.
14Билегиң күшли, қолың қүдиретли,
Оң қолың ҳәммесинен бәлентте.

15Әдиллик ҳәм әдалатлық тахтыңның тийкары,
Сүйиспеншилик ҳәм садықлық алдыңда турады.
16Қандай бахытлы бәлент даўыста шадланған халық, Жаратқан Ийе!
Олар Сениң жүзиңниң нурында жүреди.
17Күни бойы Сениң атың себепли шадланады,
Әдиллигиң арқалы жоқары көтериледи.
18Сен даңққа бөлейтуғын күшимизсең,
Ыразылығың арқалы күшимиз артады.
19Қалқанымыз Жаратқан Ийеники,
Патшамыз Израилдың Мухаддесине тийисли.

20Бурын аян арқалы сөйлеп,
Өз садық адамларыңа былай дедиң:
«Бир жаўынгерди қоллап қуўатладым,
Халық ишинен бир жигитти жоқары көтердим.
21Қулым Даўытты таптым,
Мухаддес майым менен оны майладым.
22Қолым оны қоллап қуўатлайды,
Билегим оған күш береди.
23Душпан оны алдай алмайды,
Жаўызлар оған зулымлық қыла алмайды.
24Жаўларын оның көз алдында еземен,
Оны жек көргенлерди қыраман.
25Садықлығым ҳәм сүйиспеншилигим оның менен бирге,
Мениң атым менен ол жеңиске ериседи.
26Оның қолын теңиздиң үстине,
Оң қолын дәрьялардың үстине қояман.
27Ол Мени шақырып, былай дейди:
„Сен мениң әкемсең, Қудайымсаң,
Қутқарыўшы жартасымсаң“.
28Мен де оны туңғыш ул қылып аламан,
Дүньядағы патшалардың ең уллысы қыламан.
29Оған болған сүйиспеншилигимди мәңги сақлайман,
Оның менен дүзген келисимим беккем турады.
30Әўладын мәңгиге,
Тахтын көклер турғанша даўам еттиремен.

31Егер оның нәсили көрсетпелеримнен жүз бурып,
Нызамларым бойынша жүрмесе,
32Қағыйдаларымды бузып,
Буйрықларымды орынламаса,
33Жынаятлары ушын таяқ пенен ураман,
Гүналары ушын оларды жазалайман.
34Бирақ Даўытқа болған сүйиспеншиликтен ўаз кешпеймен,
Садықлығыма немқурайды қарамайман.
35Келисимимди бузбайман,
Аўзымнан шыққан сөзимнен ҳасла қайтпайман.
36Бир мәрте мухаддеслигим ҳақы ант иштим,
Даўытты алдамайман.
37Оның әўлады мәңги даўам етеди,
Оның тахты Мениң алдымда қуяш яңлы турады.
38Ай сыяқлы мәңги-бақый аман турады,
Көклерде садық гүўа болады». Селаҳ

39Бирақ Сен оннан жеркенип, жүз бурдың,
Майлаған патшаңа қатты ғәзеплендиң.
40Қулың менен дүзген келисимнен бас тарттың,
Оның тажын топыраққа былғадың.
41Оның барлық дийўалларын қулаттың,
Ўайран қылдың қорғанларын.
42Жолдан өткенлердиң ҳәммеси оны тонады,
Қоңсы халықларға масқара болды.
43Жаўларының оң қолын оннан жоқары қылдың,
Барлық душпанларын қуўанышқа бөледиң.
44Өткир қылышын артқа қайтардың,
Саўашта оны қоллап қуўатламадың.
45Оның салтанатына шек қойдың,
Тахтын жерге қулаттың.
46Оның жаслық күнлерин қысқарттың,
Оны шерменде қылдың. Селаҳ

47Қашанға дейин бул даўам етеди, Жаратқан Ийе?!
Өзиңди бизлерден мәңги жасырасаң ба?
Қашанға дейин, ғәзебиң оттай лаўлап жанады?
48Есиңе түсир өмиримниң қаншелли қысқа екенин,
Не ушын адамзатты бийҳуда жараттың?!
49Бул дүньяда өмир сүрип, өлим көрмейтуғын,
Өлилер мәканының күшинен жанын қутқаратуғын адам бар ма? Селаҳ

50Қаяқта сениң бурынғы сүйиспеншилигиң, Ийе?
Даўытқа садықлық пенен ант ишкен едиң!
51Есле, Ийе, қулыңның шерменде болғанын,
Барлық халықлардың хорлықлы сөзлерин көтерип жүриппен.
52Есле, душпанларыңның масқаралаўын,
Майлаған патшаңның ҳәр бир қәдемин масқара қылыўын.

53Жаратқан Ийеге мәңги алғыслар болсын!
Аўмийин! Аўмийин!
Copyright information for KaaIBT22C