‏ Psalms 89

1Қудайдың адамы болған Муўсаның дуўасы
2Ийе, әўладтан-әўладқа,
Бизлердиң пана жеримиз болдың.
3Таўлар пайда болмасынан алдын,
Жер жүзи ҳәм дүньяны бар қылмасыңнан алдын,
Әзелден мәңгиге Сен – Қудайсаң.

4Адамзатты топыраққа қайтарасаң,
«Адам уллары, топыраққа қайтың», – дейсең.
5Сениң нәзериңде мың жыл өткен бир күн сыяқлы,
Өтетуғын түнги бир нәўбетшилик яңлы.
6Адамларды тасқын суў сыяқлы ығызып кетесең,
Олар таңда умыт болатуғын түс сыяқлы,
Азанда гүллеп, өсетуғын,
Ал кеште солып қалатуғын шөп киби.

7Жоқ болып кетемиз ғәзебиңнен,
Қорқынышқа түсемиз Сениң қәҳәриңнен.
8Сен айыпларымызды Өзиңниң алдыңа,
Жасырын гүналарымызды жүзиңниң нуры алдына қойдың.

9Күнлеримиз ғәзебиң астында өтер,
Жылларымыз бир дем яңлы таўысылар.
10Өмиримиз жетпис жыл екен,
Егер күшли болсақ, сексен жыл болар.
Әжайып жылларымыз да машқала ҳәм қыйыншылықта өтти,
Өмиримиз тез өтер, ушып кетермиз.

11Ким биле алар Сениң ғәзебиңниң күшин?
Адамлар қорққандай, ол сондай күшли!
12Дана жүрекке ийе болыўымыз ушын,
Өмиримиздиң күнлерин санаўды үйрет.

13Бизлерге қайт, Жаратқан Ийе!
Қашанға дейин бул даўам етеди?
Қулларыңа реҳим қыл!
14Таңда бизлерди сүйиспеншилигиң менен тойдыр,
Өмир бойы қуўанып, шадланып бақырайық.
15Бизлерди азапқа қалдырған күнлериңниң,
Бахытсыз жасаған жылларымыздың есесине,
Бизлерди шадлыққа бөле.
16Сениң ислериң қулларыңа,
Салтанатың олардың балаларына көринсин.
17Қудай Ийемиз, Сениң бизлерге мийримиң түссин,
Қол мийнетимизди табыслы қыл,
Аўа, қол мийнетимизди табыслы қыл.
Copyright information for KaaIBT22C