Psalms 9
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Улдың өлими» намасына айтылады. Даўыттың жыры2Жаратқан Ийе, шын жүректен Сени тәрийиплеймен,
Барлық әжайып ислериңди жәриялайман.
3Сенде қуўанып, йошланаман,
Атыңа арнап, саз шертип алғыслайман, Қудай Таала!
4Душпанларым шегинип қашқанда,
Сүрнигип өлер Сениң алдыңда.
5Мени ҳүким қылып, даўымды қарап шықтың,
Тахтыңа отырып, әдил ҳүким шығардың.
6Қәҳәрленип, халықларды айыпладың,
Напәклерди жоқ қылдың,
Мәңги-бақый өширдиң олардың атларын.
7Ўайран ишинде қалып, мәңги жоқ болды душпанымыз,
Сен олардың қалаларын қулаттың,
Олар енди қайтадан еске алынбас.
8Жаратқан Ийе мәңги патшалық қылады,
Ҳүким қылыў ушын Өз тахтын қурды.
9Ол дүньяны басқарар әдалатлық пенен,
Ҳүким қылар халықларды әдиллик пенен.
10Езилгенлер ушын Жаратқан Ийе бийик қорғандур,
Қыйын жағдайларда оларға қорған болар.
11Сени таныйтуғынлар, Саған үмит байлар, Жаратқан Ийе,
Өзиңди излегенлерди ҳеш қашан таслап кетпедиң.
12Саз шертип, Сионда отырған Жаратқан Ийени алғыслаң!
Ислеген ислерин халықлар арасында жәриялаң!
13Төгилген қанның қунын талап қылады,
Ол буларды есте сақлайды,
Езилгенлердиң пәриядын умытпайды.
14Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе!
Мени жек көрген жаўларым азап бермекте!
Өлим аўзынан Сен мени қайтарасаң.
15Соның ушын, қыз Сионның дәрўазаларының майданында,
Саған алғыс-мақтаў айтаман,
Шадланаман, мени қутқарған Сенсең.
16Халықлар өзлери қазған шуқырға өзлери түсти,
Қурған торларына өз аяқлары илинди.
17Әдил ҳүкими менен Жаратқан Ийе Өзиниң кимлигин көрсетти,
Залымлар өзлери қурған дузаққа түсти. Ҳиггайон, ▼
▼ Ҳиггайон – бул саз термини болыўы мүмкин. Мәниси белгисиз.
Селаҳ18Жаўызлар ҳәм Қудайды умытқан барлық халықлар,
Өлилер мәканына түсер.
19Ал мүтәж адамлар ҳәмме ўақытта умытылып қалмас,
Ғәриплердиң үмити мәңги жоққа шығарылмас.
20Тур, Жаратқан Ийе! Адамзат жеңип шықпасын,
Дәргайыңда халықлар ҳүким қылынсын.
21Оларға қорқыныш бер, Жаратқан Ийе!
Халықлар өзлериниң адамзат екенин билсин. Селаҳ
22Жаратқан Ийе, не ушын узақта турыпсаң,
Қыйын жағдайларда Өзиңди жасырасаң?
23Жаўызлар менменлик пенен ғәриплерди аўлайды,
Өз басына жетсин тоқыған ҳийлелери.
24Жаўыз адам жаўыз ҳәўеслери менен мақтанар,
Ҳарам табысқа қумар адам Жаратқан Ийеге нәлет айтып, Оны менсинбес.
25Қудайға қарай умтылмайды тәкаббир залымлар,
Ҳәмме ўақытта «Қудай жоқ», – деп ойлайды олар.
26Залымлар ҳәмме ўақытта табысқа ерисер,
Қудайдың буйрықларына ақылы жетпес,
Олар душпанларын писент етпес.
27Олар өз кеўлинде былай деп ойлайды:
«Бизлер ҳеш қашан сүрникпеймиз,
Әўладтан-әўладқа апатқа дус келмеймиз».
28Жаўызлардың аўзы нәлетке, ҳийлеге, зулымға толы,
Тилиниң астында тур жаўызлық ҳәм жаман сөзлер.
29Олар аўылларда жасырынып алады,
Аңлып, айыпсыз адамды өлтиреди.
Көзлери шарасыз қалған қурбанды излейди.
30Буққыда жатқан арыслан сыяқлы,
Бийшараны услайман, деп тасада жатады.
Өз торына илиндирип, ғәрипти услап алады.
31Бийшара жеңилип, қулайды,
Жаўыздың олжасына айланады.
32Олар өз кеўлинде: «Қудай қылмысларымызға итибар бермейди,
Жүзин жаўып алған, ҳеш қашан көрмейди», – деп ойлайды.
33Тур, Жаратқан Ийе, қолыңды соз, Қудай!
Езилгенлерди умытпа!
34Не ушын жаўызлар Сени менсинбейди?
Не ушын олар өз кеўлинде:
«Қудай меннен есап сорамайды», – дейди?
35Ал Сен езилгенлерди ҳәм азап шеккенлерди көресең,
Жәрдем бериў ушын оларға нәзер саласаң,
Шарасыз қалғанлар өзлерин Саған тапсырады,
Жетимлердиң жәрдемшиси Өзиңсең.
36Напәк ҳәм жаўыздың қолларын сындырып тасла,
Қылмыслары ушын олардан есап сора,
Басқа жаўызлық қылмасын олар.
37Жаратқан Ийе мәңги-бақый патшадур,
Жоқ болады Оның елинен басқа халықлар.
38Жаратқан Ийе, езилгенлердиң тилегин еситесең,
Жигерлендирерсең оларды,
Жетим ҳәм езилгенлердиң дадына қулақ салып,
39Ҳеш адам бендеси оларды қорқынышқа салмасын, деп,
Әдиллик қыласаң оларға.
Copyright information for
KaaIBT22C