Psalms 90
1Қудай Тааланың панасында жасаған адам,Қүдирети күшли Қудайдың саясында түнейди.
2Жаратқан Ийеге былай деймен:
«Сен мениң панамсаң, бекинисимсең,
Мен үмит байлаған Қудайымсаң».
3Сөзсиз Ол сени аңшының дузағынан,
Өлтиретуғын иллеттен қутқарады.
4Ол сени орайды Өз пәрлери менен,
Оның қанатларының астынан пана табасаң,
Оның садықлығы қалқаның ҳәм қорған дийўалың болады.
5Сонда сен түнде қәўип-қәтерден,
Күндиз ушқан оқлардан,
6Қараңғылықта келетуғын иллеттен,
Түски ўақытта қырғын келтиретуғын апаттан қорқпайсаң.
7Қапталыңда мың адам,
Оң тәрепиңде он мың адам қырылса да,
Бул апатлар саған жақынламайды.
8Тек ғана сен өз көзиң менен,
Жаўыз адамлардың жазаланыўын көресең.
9Егер Жаратқан Ийени өз панаң,
Қудай Тааланы мәканлайтуғын жериң қылсаң,
10Бәлеге дуўшар болмайсаң,
Шатырыңа апат жақынламайды.
11Ол периштелерине буйрық береди,
Периштелер барлық жолларыңды қорғайды.
12Аяғыңды тасқа урып алмаўың ушын,
Олар сени қолларында алып жүреди.
13Арыслан ҳәм жыланның үстинен басып өтесең,
Күшли арыслан ҳәм жыланды басқылап таслайсаң.
14Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мени сүйгени ушын, оны қутқараман,
Мениң атымды билгени ушын, оны аман сақлайман.
15Мени шақырғанда, оған жуўап беремен,
Басына ис түскенде, оның қасында боламан,
Оны қутқарып, иззет көрсетемен.
16Оған узақ өмир бағышлайман,
Өз қутқарыўымды оған көрсетемен».
Copyright information for
KaaIBT22C