Psalms 91
1Жыр. Шаббат ушын арналған қосық2Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў,
Саз шертип, Қудай Тааланың атын алғыслаў,
3Таңда сүйиспеншилигиңди,
Түнде садықлығыңды жәриялаў қандай жақсы!
4Буларды он тарлы әсбап, арфа,
Және лира ҳаўазында айтыў қандай жақсы!
5Ислериң менен мени қуўандырдың, Жаратқан Ийе,
Қолларыңның ислери себепли шадланып бақыраман.
6Қандай уллы ислеген ислериң, Жаратқан Ийе,
Ой-пикирлериң жүдә терең!
7Надан адам буны билмейди,
Ақмақ адам буны түсинбейди.
8Наҳақлар майса шөптей өсип шыққаны менен,
Жаўызлық ислеўшилер жайнап-жаснағаны менен,
Олар мәңгиге жоқ қылынады.
9Бирақ Сен мәңгиге уллысаң, Жаратқан Ийе.
10Мине, Жаратқан Ийе, душпанларың сөзсиз,
Аўа, сөзсиз қырылып кетеди,
Жаўызлық ислеўшилердиң ҳәммеси тарқалып кетеди.
11Мени жабайы буғадай күшли қылдың,
Таза зәйтүн майы менен майладың.
12Душпанларымның жеңилисин көрди көзлерим,
Маған қарсы шыққан жаўызларға не болғанын еситти қулақларым.
13Ҳақ адам пальма ағашындай гүллеп жаснайды,
Лебанондағы кедр ағашындай бийик болып өседи.
14Олар Жаратқан Ийениң Үйине отырғызылған болып,
Қудайымыздың ҳәўлисинде гүллеп жаснайды.
15Ҳәттеки, қартайса да, мийўесин береди,
Жапырақлары қойыў, тап-таза болып турады.
16Олар былай деп жәрия қылады:
«Жаратқан Ийе әдалатлы! Сүйенген жартасым!
Онда ҳеш қашан наҳақлық болмас!»
Copyright information for
KaaIBT22C