‏ Psalms 92

1Жаратқан Ийе патшалық қылмақта!
Ол уллылықты кийим етип кийип,
Қүдиретти белине байлаған,
Дүнья беккем орнатылған, тербелмейди.
2Сениң тахтың әзелден орнатылған,
Сен әзелден барсаң.

3Суў толқынлары гүркиреп шуўылдайды, Жаратқан Ийе,
Толқынлар гүркиреп даўыс шығарады,
Толқынлар гүркиреп шуўылдап, урылады.
4Жоқарыдағы Жаратқан Ийе уллы суўлардың гүркиреўинен,
Күшли теңиз толқынларынан да қүдиретли.

5Сениң қағыйдаларың турақлы,
Үйиңе мухаддеслик мәңги жарасады, Жаратқан Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C