Psalms 94
1Келиң, Жаратқан Ийеге шадланып бақырайық,Қутқарыўшы жартасқа шадланайық.
2Алғыс айтып, Оның алдына келейик,
Оған бәлент даўыс пенен қосық айтайық!
3Жаратқан Ийе уллы Қудайдур,
Барлық қудайлардан үстем турыўшы уллы патшадур.
4Жердиң туңғыйықлары Оның қолында,
Таў шыңлары да Оған тийисли.
5Теңиз Оныки, оны Өзи жаратты,
Қурғақ жерди де Өз қолы менен дөретти.
6Келиң, тәжим қылып, ийилейик,
Бизлерди жаратқан Жаратқан Ийениң алдында дизе бүгейик.
7Ол бизлердиң Қудайымыз,
Бизлер Оның бағып атырған халқымыз,
Қолының астындағы қойларымыз.
Егер бүгин Оның даўысын еситсеңиз,
8Мерибада, сол күни шөлдеги Массада болғаны сыяқлы ▼,
Тас қылмаңлар жүреклериңизди.
9Ислеген ислеримди көрген болса да,
Ата-бабаларыңыз сол жерде Мени сынап, тексерди.
10Қырық жыл даўамында ол әўладтан жеркенип ▼, былай дедим:
«Олар жүреклери азғырылған халық,
Мениң жолларымды билмейди».
11Сонлықтан ғәзепленип, былай деп ант иштим:
«Олар Мениң тынышлық беретуғын мәканыма ҳасла кирмейди!» ▼
Copyright information for
KaaIBT22C