‏ Psalms 95

(1Жлн 16:23-33)

1Жаратқан Ийеге таза қосық айтың!
Ҳәй, пүткил дүнья, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың!
2Жаратқан Ийеге арнап қосық айтың,
Оның атын алғыслаң,
Ҳәр күни жәриялаң Оның қутқарыўын!
3Баян етиң даңқын миллетлерге,
Әжайып ислерин барлық халықларға!

4Аўа, Жаратқан Ийе уллы, мақтаўға жүдә ылайықлы,
Барлық қудайлардан айбатлы.
5Халықлардың барлық қудайлары жалған,
Ал Жаратқан Ийе көклерди жаратқан.
6Салтанат ҳәм уллылық Оның дәргайында,
Қүдирет ҳәм гөззаллық мухаддес Ибадатханасында.

7Ҳәй, пүткил халықлар, Жаратқан Ийени мақтаң,
Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин мақтаң,
8Жаратқан Ийениң салтанатын атына ылайықлы түрде мақтаң,
Сыйлар әкелип, Оның ҳәўлисине кириң!
9Мухаддес сән-саўлатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының!
Титирең пүткил жер жүзи Оның алдында!

10Миллетлер арасында: «Жаратқан Ийе патшалық қылмақта,
Дүнья беккем орнатылған, тербелмейди,
Ол халықларды әдалатлық пенен ҳүким қылады», – деп айтың.
11Қуўансын көклер, йошлансын жер жүзи!
Шуўласын теңиз ҳәм оны толтырып турғанлар!
12Йошлансын дала ҳәм оның үстиндегилер!
Сонда тоғайдағы ағашлар шадланып бақырысар,
13Киятырған Жаратқан Ийениң алдында.
Өйткени Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр,
Дүньяны әдалатлық пенен,
Халықларды Өз әдиллиги менен ҳүким етеди.
Copyright information for KaaIBT22C