‏ Psalms 96

1Жаратқан Ийе патшалық қылмақта,
Шадлансын жер жүзи,
Барлық атаўлар қуўансын!

2Булт ҳәм қойыў қараңғылық Оның дөгерегин қаплаған,
Әдиллик ҳәм ҳақыйқатлық тахтының тийкары.
3От жүрер Оның алдында,
Әтирапындағы душпанларын жандырып жибереди.
4Шақмақлары дүньяны жақтыландырады,
Жер жүзи оны көрип, титирейди.
5Жаратқан Ийениң алдында,
Пүткил жер жүзиниң Ийесиниң алдында,
Таўлар мумдай ерип кетеди.
6Көклер Оның әдалатлығын жәриялайды,
Пүткил халықлар уллылығын көреди.

7Бутқа табыныўшылар,
Жалған қудайлары менен мақтанатуғынлар шерменде болсын!
Жаратқан Ийеге сыйының, ҳәй, барлық қудайлар!
8Жаратқан Ийе, ҳүкимлериңди еситип, Сион қуўанады,
Яҳуда қалалары шадланады.
9Жер жүзиндеги ең уллысы Сенсең, Жаратқан Ийе,
Барлық қудайлардан үстемсең, уллысаң.

10Жаратқан Ийени сүйетуғынлар,
Жаманлықты жек көриң.
Ол садық қулларының жанын қорғайды,
Оларды жаўызлардың қолынан қутқарады.
11Ҳақ адамларға нур шашылып,
Пәк жүреклилер қуўанышқа бөленеди.
12Ҳәй, ҳақ адамлар, Жаратқан Ийеде қуўаның,
Оның мухаддес атын тәрийиплең!
Copyright information for KaaIBT22C