Psalms 97
1ЖырЖаратқан Ийеге таза қосық айтың,
Ол әжайып ислер қылды,
Жеңис алып келди Оның оң қолы ҳәм мухаддес билеги.
2Жаратқан Ийе миллетлерге Өз жеңисин аян етти,
Әдалатлығын оларға көрсетти.
3Израил халқына болған сүйиспеншилигин,
Оларға болған садықлығын есинде сақлады,
Қудайымыздың жеңисин көрди дүньяның төрт тәрепи.
4Пүткил жер жүзи шадланып бақырың, Жаратқан Ийеге,
Қуўанышлы түрде саз шертип, қосық айтың.
5Лира шертип, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтың,
Лира ҳәм саз ҳаўазлары астында!
6Ҳәр түрли кәрнайлар шертип,
Бәлент даўыста шадланың патшамыз Жаратқан Ийениң алдында.
7Шуўласын теңиз ҳәм оны толтырып турғанлар,
Жер жүзи ҳәм онда жасайтуғынлар.
8Дәрьялар қол шаппатласын,
Таўлар биргеликте шадланып бақырсын,
9Жаратқан Ийениң алдында!
Ол жер жүзин ҳүким етиў ушын киятыр.
Ол дүньяны әдалатлық пенен,
Халықларды теңлик пенен ҳүким етеди.
Copyright information for
KaaIBT22C