Psalms 98
1Жаратқан Ийе патшалық қылмақта,Титиресин халықлар!
Керублар арасында тахтта отыр,
Шайқалсын жер жүзи!
2Сионда Жаратқан Ийе уллы,
Ол барлық халықлардан да жоқары.
3Олар Сениң уллы ҳәм айбатлы атыңды алғысласын!
Ол мухаддесдур.
4Әдалатлықты сүйетуғын қүдиретли Патша,
Сен әдилликти орнаттың,
Яқып урпағында әдалатлық ҳәм әдиллик орнаттың.
5Қудайымыз Жаратқан Ийени уллылаң,
Оның аяқ қойғышының алдына жығылып, сыйының!
Ол мухаддесдур.
6Оның руўханийлери арасында Муўса менен Харон да бар еди,
Самуел де Оның атын айтып шақырғанлар арасында еди.
Олар Жаратқан Ийеге жалбарынды,
Ол да оларға жуўап берди.
7Минара сыяқлы булт ишинен олар менен сөйлести,
Олар Оның буйрықларына,
Өзлерине берилген қағыйдаларға әмел қылды.
8Қудайымыз Жаратқан Ийе, Сен оларға жуўап бердиң,
Ислеген жаўызлықлары ушын жазаласаң да,
Кешириўши Қудай болдың.
9Қудайымыз Жаратқан Ийени уллылаң,
Сыйының Оған мухаддес таўында!
Қудайымыз Жаратқан Ийе мухаддесдур!
Copyright information for
KaaIBT22C